Get Mystery Box with random crypto!

НЕ ЖАНАЛЫК | JANALIQLAR? | ЖАНАЛЫКЛАР?

Telegram kanalining logotibi ne_janaliq — НЕ ЖАНАЛЫК | JANALIQLAR? | ЖАНАЛЫКЛАР? Н
Telegram kanalining logotibi ne_janaliq — НЕ ЖАНАЛЫК | JANALIQLAR? | ЖАНАЛЫКЛАР?
Kanal manzili: @ne_janaliq
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 11.45K
Kanalning ta’rifi

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!
👉 Байланыс: @baylanis24_bot

Ratings & Reviews

4.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar

2022-11-14 15:36:55
Ҳүрметли пуқаралар!

Усы жылдың 14-15-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасының айырым жерлеринде самалдың тезлиги 25-28 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте.

Сонлықтан, пуқараларымыздан бундай ҳаўа райы ўақтында сергекликти асырыўын, өзлериңизди ҳәм перзентлериңизди кеўилсиз жағдайларды келтирип шығарыўшы айрықша жағдайлардан қорғаў мақсетинде, иләжы барынша көшеге шықпаўыңызды, автомобиллерди тереклер яки ушып кетиўи итималы болған бастырмалардың астына ҳәм басқада орынларға (электр линиялары, тереклер, там бастырмалары астына) қоймаўыңызды соранып қаламыз.

Егер айрықша жағдайлар яки өрт жүз бергенде "1050" ямаса "101" қысқа телефон номерлерине хабар бериўиңизди сораймыз.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
6.3K viewsedited  12:36
Ochish/sharhlash
2022-11-14 14:10:24
АНОНС

Ертен, 15-ноябрь күни Нөкис қаласында жайласқан Ашшыкөл көлиниӊ бойында “Қарақалпақ этно аўылы” туристлик объектиниӊ салтанатлы ашылыў мәресими болып өтеди.

Илаж даўамында өнерментшилер көргизбеси, миллий тағамларды таярлаў бойынша шеберлик сабақлары, миллий липаслар көргизбеси ҳәмде фольклор атқарыўшыларыныӊ қатнасыўында концерт бағдарламасы режелестирилген.

karakalpakstantravel

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
11.6K views11:10
Ochish/sharhlash
2022-11-14 14:01:48
#Аймақ:  Нукус: SCAAT натяжных потолок
Манзіл: 26мкр:
Жумысшы керек: Машини менен сауда менежри
Айлық:  2.000.000-5.000.000млн
Жумысшы керек: Усташылыктан кабари бар станопкиге.
Айлық:  2.000.000-5.000.000млн
Талаплар:  Шаққан, жуапкершиликли, адамлар менен тез тил табыса алатын.
Жасы (18-45)
Студент болмайди
Жумыс ўақты: 9:00 ден 19:00
Байланыс ушын:
99 959-87-95

Реклама
11.1K views11:01
Ochish/sharhlash
2022-11-14 12:56:01
Магистратураға қабыллаў бойынша әҳмийетли жаңалық жәрияланды

Мәмлекетлик комиссияның тийисли қарарына муўапық быйылғы оқыў жылында тек ғана мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратурасына C1, B2 миллий ямаса оған сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болып, ҳүжжет тапсырған, бирақ квота шеңберинде студент бола алмағанларға белгиленген базалық төлемли контракттиң 1,5 есесинен көп болмаған муғдардағы төлем тийкарында магистратурада оқыў имканияты жаратылды.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлим етиўинше, оқыўды қәлеўшилер жоқары оқыў орынларының қабыллаў комиссияларына мүрәжат етиўи мүмкин.

Сондай-ақ, 2022-2023-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратурасына декабрь-январь айларындағы таңлаўда алдынғысынан өзгеше тәризде шет тилин билиў дәрежесине қарамастан (C1 ямаса B2 сертификатынан тысқары басқа дәрежедеги) сертификатқа ийе талабанлар да қатнасыўына рухсат берилди.

Әҳмийетли тәрепи, оқыўға қабыл етилген студентлер оқыўы даўамында талап етилгениндей миллий ямаса оған сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатты алыўы керек болады. Керисинше жағдайда жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясына рухсат берилмейди.

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилерге 2022-жыл 20-декабрьден 2023-жыл 10-январьға шекем (сол күни де) magistr.edu.uz электрон системасы арқалы онлайн дизимнен өтиў имканияты жаратылады.

Таңлаў нәтийжелери бакалавриат дипломының орташа баллары тийкарында анықланады.

Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, Президенттиң тийисли қарарына муўапық абитуриент филология бағдарлары бойынша кеминде C1, филологиялық емес бағдарлар бойынша болса B2 дәрежедеги миллий ямаса оған сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болыў талабы белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
13.2K views09:56
Ochish/sharhlash
2022-11-14 12:32:45
«Уммон» топарының ағзасы Шоҳруҳ топар ағзалары Зоҳид ҳәм Жасурге арнап «Дос» атлы қосығын шығарды

Мағлыўмат ушын, бүгин, 14-ноябрь күни «Уммон» топарының ағзасы Жасур Рафиқов узақ даўам еткен кеселликтен соң қайтыс болды. Тағы бир ағзасы Зоҳид Рихсиев болса аўыр ЖТҲ себепли 1 айдан көп ўақыттан берли елеге шекем комада.

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
13.2K viewsedited  09:32
Ochish/sharhlash
2022-11-14 12:11:01
«Афросиёб» поезды 18 бас қойды қағып кетти

Социаллық тармақларда поездиң қанға боялған сүўретлери тарқалған еди.

Мәлим болыўынша, Бухарадан ҳәрекетленген «Афросиёб» поезди темир жол үстиндеги қойларды қағып кеткен.

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
13.9K views09:11
Ochish/sharhlash
2022-11-14 12:01:37
Егер тутыныў кредитине “МЕБЕЛЬ” ямаса “БЫТОВАЯ ТЕХНИКА” сатып алмақшы болсаңыз “MEBEL SARBON SARAYI” дүкәнина келиң!

Биз сизге кредитти:
- 24 айға шекемги мүддетке;
- жыллық пайызы 20% тен;
- КЕПИЛСИЗ!!!!!!! (Енди кепил излеп жүриўиңиз шәрт емес)
банк арқалы таярлап беремиз.

Керекли ҳүжжетлер:
ЕНДИ, ДӘРАМАТЫҢЫЗ ҲАҚҚЫНДА МАҒЛЫЎМАТНАМАНЫ АЛЫП КЕЛИЎИҢИЗ ШӘРТ ЕМЕС.
ПАСПОРТЫҢЫЗДЫҢ ТҮП НУСҚАСЫН АЛЫП КЕЛСЕҢИЗ ЖЕТЕРЛИ.

ЖАНАЛЫҚ!!!!
ЕНДИ 70 ЖАСТАН АСПАҒАН ПЕНСИОНЕРЛЕРГЕ ДЕ КРЕДИТ БЕРИЛЕДИ.

Қосымша мағлыўмат алыў ушын:
612234686, 973550069, 904221474.

Телеграммдағы мәнзилимиз: https://t.me/Sarbon_Nukus

Мәнзил: Нөкис қаласы, А. Досназаров көшеси, 17-жай.
Бағдар: “Гүлистан апа” кафениң қатарында.
13.9K views09:01
Ochish/sharhlash
2022-11-14 11:21:40
«Үстиртте жаўын қарға айланыўы мүмкин». Ҳәпте даўамында күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берилди

14-ноябрь күни Өзбекстан аймағының көпшилик бөлиминде жаўын-шашын бақланбайды, тек ғана Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында атмосфера фронты өтиўи нәтийжесинде жаўын жаўады. Күндизги ҳаўа температурасы 9-14 градус жыллы әтирапында болады.

15-ноябрьде Волгабойы аймақларынан суўық ҳаўа массалары кирип келиўи менен Қарақалпақстан Республикасының айырым жерлеринде жаўын жаўады, Үстиртте жаўын қарға айланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы әдеттегидей норма әтирапында сақланып турады.

16-ноябрьде суўық ҳаўа массасы Өзбекстанның барлық аймақларына тарқалады. Базы жерлерде жаўын жаўады, айырым жерлерде жаўынның изи қарға айланыўы мүмкин. Қарақалпақстанда жаўын-шашын күтилмейди. Күндизги ҳаўаның температурасы 5-7 градус жыллыға шекем түседи, бул усы күнлер ушын күтилетуғын нормадан 8-10 градусқа төмен болып табылады.

17-ноябрьде жаўын-шашын күтилмейди, бирақ суўық ҳаўа массасының тәсири сақланып турады. Ҳаўаның температурасы түнде 0-2 градус суўыққа шекем түседи, күндизги қуяш есабынан 8-10 градус жыллыға көтериледи.

18-ноябрьде Өзбекстан аймағына Иран аймақларынан жыллы ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте, республика бойлап базы жерлерде жаўын жаўыўы мүмкин.

Ҳәпте даўамында республика бойлап айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.

14-15-ноябрь күнлери Өзбекстан бойлап айырым жерлерде самал 17-22 м/с қа шекем күшейеди, Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы, Жиззақ ўәлаятларының базы жерлеринде самалдың күшейиўи 25-28 м/с қа жетиўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
16.3K views08:21
Ochish/sharhlash
2022-11-14 07:49:04
Қытайда күтилмегенде тезлесип кеткен «Tesla» себепли еки адам қайтыс болды

Бундай жағдай жүз бериўине автомобиль системасындағы насазлық себеп болғаны айтылмақта.

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
19.6K viewsedited  04:49
Ochish/sharhlash
2022-11-14 07:40:18
Өзбекстан энергия системасында аўыр ақыбетли "авария" — блекаут қәўипи бар.

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
19.6K views04:40
Ochish/sharhlash