Get Mystery Box with random crypto!

НЕ ЖАНАЛЫК | JANALIQLAR? | ЖАНАЛЫКЛАР?

Telegram kanalining logotibi ne_janaliq — НЕ ЖАНАЛЫК | JANALIQLAR? | ЖАНАЛЫКЛАР? Н
Telegram kanalining logotibi ne_janaliq — НЕ ЖАНАЛЫК | JANALIQLAR? | ЖАНАЛЫКЛАР?
Kanal manzili: @ne_janaliq
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 11.45K
Kanalning ta’rifi

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!
👉 Байланыс: @baylanis24_bot

Ratings & Reviews

4.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 6

2022-11-10 18:25:30
Қараөзек районындағы 260 жасқа субсидия ажыратылды

@NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!
20.3K views15:25
Ochish/sharhlash
2022-11-10 18:14:07
Не деп ойлайсыз ат қайсы тәрепке қарап турыпты

Жуўабыңызды белгилеў ушын төмендеги силтемени басың
21.0K views15:14
Ochish/sharhlash
2022-11-10 17:34:27
ӨЗИН ӨЗИ БӘНТ ЕТКЕН ШАХСЛАР ҚАНША ДӘРАМАТ ТАЎЫП ТУРҒАН ШАХС ЕСАПЛАНАДЫ?

СОРАЎ:
Мен социаллық напақа алыў ушын өзин өзи бәнт еткенлер дизимине киритилсем, сонда мен қанша дәрамат таўып турған шахсқа айланаман  ?

ЖУЎАП:
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 21-октябрьдеги 654-сан қарары менен тастыйықланған режеде, өзин өзи бәнт еткен пуқаралардың дәраматлары муғдарын анықлаўда дәрамат анықланып атырған дәўирде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары (920 000 сўм)ның еки есеси (1 840 000 сўм) муғдарына тең болған бир айлық орташа норматив дәрамат муғдары қабыл етиледи деп көрсетилген. Сиз өзиңизди бәнт етиў арқалы ҳәр айда 1 840 000 сўм дәрамат таўып турған шахсқа айланасыз.

Бюджеттен тысқары пенсия қоры 
Қанлыкөл районы бөлими

Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
21.3K views14:34
Ochish/sharhlash
2022-11-10 17:28:49
Қоңырат_районы

Мәҳәлледеги жаслар жетекшилери жасларға көмекши

@NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!
19.1K views14:28
Ochish/sharhlash
2022-11-10 16:32:26
Халық_ийгилиги_жолында

Нөкис қаласында алып барылып атырған абаданластырыў жумысларының барлығы инсан қәдир-қымбаты, оның турмыстан кеўилли жасаўын тәмийинлеў ушын алып барылып атырған ийгиликли ислердиң бири.

@NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!
20.1K views13:32
Ochish/sharhlash
2022-11-10 16:22:02
РӘСМИЙ ХАБАР

Төлем-контракт пулларын төлеў мүддети 10-декабрьге шекем узайтырылды

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
19.9K viewsedited  13:22
Ochish/sharhlash
2022-11-10 16:04:02
Илимпазлар тарийхта биринши мәрте адамға жасалма қан қуйды

Кембриж университетиниң илимпазлары тарийхта биринши болып адамға лабораторияда жетистирилген эротроцитлерди қуйды. Бул технологияны клиникалық сынақтан өткериў Restore изертлеў жойбары шеңберинде әмелге асырылады, делинеди усы билимлендириў орны жәриялаған мақалада.

Изертлеўшилердиң пикиринше, олардың ойлап табыўы табыслы сынақтан өтсе, кеселликти ҳәм сийрек ушырасатуғын қан топарына ийе наўқасларды емлеўде революция жасаўы мүмкин.

Эротрицитлер Уллы Британия Миллий денсаўлықты сақлаў хызметиниң донорлар базасына киргизилген адамлардың қан үлгилеринен өндирилди. Жасалма эротрицитлердиң бәри әдеттеги эротрицитлерден айырмашылығы бойынша жас. Кеўиллилер 5-10 миллилитр, яғный 1-2 чай қасық суйықлық алған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
20.4K views13:04
Ochish/sharhlash
2022-11-10 11:54:48
«Еситип, жүдә ренжидим» — Саида Мирзиёева

Саида Мирзиёева оқытыўшыларды тап жигирма жыл алдынғыдай тағы хожалықларды айланып шығыўға ҳәм оқыўшылар дизимин дүзиўге мәжбүрлеп атырғаны ҳаққында еситип, жүдә ренжигенин мəлим етти.

«Мен оқытыўшыларға болған мунасәбетти қайтадан көрип шығыў оғада зәрүр деп есаплайман ҳәм лаўазымлы шахслардан олардың мойнына керексиз ҳәм нызамға қайшы ўазыйпаларды жүклеўди тоқтатыўларын сорап қаламан.

Оқытыўшылардың тийкарғы ўазийпасы — перзентлеримизге билим бериў арқалы мәмлекетимиз келешегин тәмийинлеў болып есапланады.

Буның өзи де жүдә аўыр ўазыйпа. Билимлендириў тараўында сонсыз да машқалалар толып атырған бир ўақытта, оқытыўшылардың мойынына қандай да бир қосымша ўазыйпалар жүклеў — бул енди артықша», — дейди ол.

«Мен бәрше жуўапкер шахслардан бул машқаланы илажы барынша тезирек шешиўди ҳәм оқытыўшылардан сабақ бериўден басқа барлық ўазыйпалардан азат етиўин сорайман.

Ҳәзир мәмлекетимизде билимлендириў биринши мәселе болып табылады. Биз оқытыўшыларды тегин хызметкер ретинде көриўди тоқтатыўымыз шәрт. Олар жәмийеттиң ең ҳүрметли ҳәм ардақлы қатламына айланыўы, оның ушын бәрше бирдей ҳәрекет етиўи зәрүр деп есаплайман. Тек билимлендириў, тек оқытыўшылар жәрдеминде ғана биз раўажланыўға ерисе аламыз. Перзентлеримиздиң келешеги, олардың турмыста өз орнын табыўы ушын да устазларымызды ҳүрметлеўимиз шәрт! », — деди Саида Мирзиёева.

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
14.4K views08:54
Ochish/sharhlash
2022-11-10 10:17:44
Қоңыратлы қызға Президент саўғасы тапсырылды

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен өткерилип атырған “Жылдың ең жақсы жаслар жетекшиси” таңлаўының Республика басқышында Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы “Мыңжарған” мәҳәллеси жаслар жетекшиси Мамбетярова Улбосын  Мусатдин қызы сыйлы 2-орынды ийелеп, Президент саўғасы “Cobalt” автомобилин утып алған еди.

Бүгин, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни қарсаңында Ташкент қаласында өткерилген илажда У.Мамбетяроваға “Cobalt”  автомобили салтанатлы түрде тапсырылды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хизмети

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
17.7K views07:17
Ochish/sharhlash
2022-11-10 08:19:25
Дыққат, хабарландырыў!
 
Нөкис қаласында өткерилетуғын “Жаңа нәпес” сүрени астында ғалабалық иләжларын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде И.Каримов көшесиниң Ата жолы ҳәм Т.Қайыпбергенов көшелери аралығында, А.Досназаров көшесиниң Шымбай гүзары ҳәм Ата жолы көшелери аралығында ҳәм де Ата жолы көшесиниң А.Досназаров ҳәм И.Каримов көшелери аралығында 2022-жыл 13-ноябрь күни саат 10:00 ден 18:00 шекем 3.1 “Кириў қадаған” жол белгилери орнатылады ҳәм жабылады.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
17.6K views05:19
Ochish/sharhlash