Get Mystery Box with random crypto!

«Үстиртте жаўын қарға айланыўы мүмкин». Ҳәпте даўамында күтиле | НЕ ЖАНАЛЫК | JANALIQLAR? | ЖАНАЛЫКЛАР?

«Үстиртте жаўын қарға айланыўы мүмкин». Ҳәпте даўамында күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берилди

14-ноябрь күни Өзбекстан аймағының көпшилик бөлиминде жаўын-шашын бақланбайды, тек ғана Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында атмосфера фронты өтиўи нәтийжесинде жаўын жаўады. Күндизги ҳаўа температурасы 9-14 градус жыллы әтирапында болады.

15-ноябрьде Волгабойы аймақларынан суўық ҳаўа массалары кирип келиўи менен Қарақалпақстан Республикасының айырым жерлеринде жаўын жаўады, Үстиртте жаўын қарға айланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы әдеттегидей норма әтирапында сақланып турады.

16-ноябрьде суўық ҳаўа массасы Өзбекстанның барлық аймақларына тарқалады. Базы жерлерде жаўын жаўады, айырым жерлерде жаўынның изи қарға айланыўы мүмкин. Қарақалпақстанда жаўын-шашын күтилмейди. Күндизги ҳаўаның температурасы 5-7 градус жыллыға шекем түседи, бул усы күнлер ушын күтилетуғын нормадан 8-10 градусқа төмен болып табылады.

17-ноябрьде жаўын-шашын күтилмейди, бирақ суўық ҳаўа массасының тәсири сақланып турады. Ҳаўаның температурасы түнде 0-2 градус суўыққа шекем түседи, күндизги қуяш есабынан 8-10 градус жыллыға көтериледи.

18-ноябрьде Өзбекстан аймағына Иран аймақларынан жыллы ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте, республика бойлап базы жерлерде жаўын жаўыўы мүмкин.

Ҳәпте даўамында республика бойлап айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.

14-15-ноябрь күнлери Өзбекстан бойлап айырым жерлерде самал 17-22 м/с қа шекем күшейеди, Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы, Жиззақ ўәлаятларының базы жерлеринде самалдың күшейиўи 25-28 м/с қа жетиўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!