Get Mystery Box with random crypto!

Ҳүрметли пуқаралар! Усы жылдың 14-15-ноябрь күнлери Қарақалпа | НЕ ЖАНАЛЫК | JANALIQLAR? | ЖАНАЛЫКЛАР?

Ҳүрметли пуқаралар!

Усы жылдың 14-15-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасының айырым жерлеринде самалдың тезлиги 25-28 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте.

Сонлықтан, пуқараларымыздан бундай ҳаўа райы ўақтында сергекликти асырыўын, өзлериңизди ҳәм перзентлериңизди кеўилсиз жағдайларды келтирип шығарыўшы айрықша жағдайлардан қорғаў мақсетинде, иләжы барынша көшеге шықпаўыңызды, автомобиллерди тереклер яки ушып кетиўи итималы болған бастырмалардың астына ҳәм басқада орынларға (электр линиялары, тереклер, там бастырмалары астына) қоймаўыңызды соранып қаламыз.

Егер айрықша жағдайлар яки өрт жүз бергенде "1050" ямаса "101" қысқа телефон номерлерине хабар бериўиңизди сораймыз.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!