Get Mystery Box with random crypto!

#Ретро_қосық МУҲАББАТ ИСМЛИ ҚЫЗ ЕДИ—АҚҚУЎ... Х. Дәўлетназаро | Merwert

#Ретро_қосық

МУҲАББАТ ИСМЛИ ҚЫЗ ЕДИ—АҚҚУЎ...

Х. Дәўлетназаров сөзи,
Д. Мәмбетмуратов атқарады.


Көзим ярдың гүлдей жүзине түсти,
Жазған—жүрек-баўырым үзиле түсти...
Ышқы қайттан мениң изиме түсти,
Әрман моншақларын дизеди Аққуў.

Муҳаббаттың алтын оқларын атып,
Ғумшадек ләбинен көрмедим татып,
Тил—мәрт болалмады сөзлерин қатып,
Кеўил тарларымды үзеди Аққуў.

Қуп әжеп муқамлы ойын қурыўы,
Мың жилўа-наз әйлеп мойын бурыўы,
Жулдыз көзлериниң жайнап турыўы...
Бунша сән-салтанат дүзеди Аққыў.

Дийдары мөрленип қалған ядыма,
Ығбал қулақ аспас шеккен дадыма,
Жазған қосықларым кетсин әдира...
Қыялымда сыңсып жүзеди Аққуў.

Ышқым—гүмис жалы таралмаған ат,
Қардарына жетип баралмаған хат,
Яр—әрман мәнзили, мен—талған қанат,
Қыслап қалар журтым гүз ели Аққуў.

Айтпайын, көксимди дәртлер тилгенин...
Жоқшыдай мыс рең кеўил гүллерим,
Жүзген айдынларын билә-билмедим,
Муҳаббат исмли қыз еди—Аққуў!

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz