Get Mystery Box with random crypto!

#Балалыққа_барып_қайтамыз Анамның анасы бар Жолдасбай Дилмур | Merwert

#Балалыққа_барып_қайтамыз

Анамның анасы бар

Жолдасбай Дилмуратов сөзи,
Роман (Рамберген) Султанов намасы


Сөйлесе сөзи жақсы,
Қараса көзи жақсы,
Әлпайым, өзи жақсы,
Анамның анасы бар.

Қыдырып гейде келип,
Үйлерге берип көрик,
Ҳәм әзиз, ҳәм теберик,
Анамның анасы бар.

Түр түси ысық маған,
Анамнан айнымаған,
Бизлерди аймалаған,
Анамның анасы бар.

@balalar_qosiqlari


Қосық ҳәм нама авторларын табыўда жәрдем еткени ушын канал оқыўшыларына рахмет.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz