Get Mystery Box with random crypto!

SHIMBAY JASLARI

Telegram kanalining logotibi krshimbay — SHIMBAY JASLARI S
Telegram kanalining logotibi krshimbay — SHIMBAY JASLARI
Kanal manzili: @krshimbay
Toifalar: Taʼlim
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1.27K

Ratings & Reviews

3.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 13

2023-02-16 08:25:04 АҚШ ҳәм Англияға оқыўға кирген Шымбайлы оқыӯшы

Шымбай районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 15-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Дилара Салиева сырт еллердиң бир қанша абырайлы жоқары оқыў орынларына грант тийкарында қабылланды.

Елимизде шет тиллерин үйренип, өз билимлерин жетилистирип, сырт еллердеги жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырып, белгиленген имтиханлардан табыслы өткен ҳәм мүддетинен алдын студентлик бахтына ерисип атырған жаслар жүдә көп. Шымбай районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 15-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Дилара Салиева да әне усындай жаслардың бири. Ол 17 жасында сырт еллердиң бир қанша абырайлы жоқары оқыў орынларына грант тийкарында қабылланды.

Дилара Жаслар аўқамында сәрдар ўақытынан баслап-ақ, көплеген жетискенликлерге еристи. Таңлаўлар ҳәм беллесиўлерден қалмай қатнасып, бирқанша жарысларда сыйлы орынларды ийеледи. Инглис тилине қызығыўшылығы себепли, өткен жылдың февраль айынан баслап тил билиў дәрежесин белгилеўши сертификат алыў мақсетинде пайтахтымыздағы Stanford оқыў орайында таярлана баслады. Август айынан баслап жеке өзи таярлана баслаған Дилара сентябрь айында IELTS имтиханын тапсырып, 7 балл алыўға миясар болды ҳәм АҚШтың The university of Arizona, The University of Whithworth, the university of Colorado, Англияның The city university of London ҳәм Widener университетлериниң журналистика ҳәм сиясат қәнигеликлери бойынша 364.000$ грантын жеңип алып оқыўға қабылланды. Бүгинги күнде Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги жанында шөлкемлестирилген Жас мәсләҳәтшилер Кеңесиниң волонтёры ҳәм “NationWidespread” жобасының админстраторы болған қаҳраманымыз шет елде билим алып, жақсы нәтийжелерге ерисиўди ҳәм ўатанына қайтып, Қарақалпақстан телевидениесин раўажландырыўды мақсет етпекте. “Күшли инсан болыў ушын әззиликтен азап шеккен адам ҳеш қашан сынбайды” деген сөзди өзине сүрен еткен Дилара бул дәрежеге жетиўинде ата-анасының ҳәм инглис тили муғаллими Алфия Қудайбергеновалардың мийнети көп, деп есаплайды.

-Журналистика тараўын таңлаўым ушын көп ўақыт керек болмады. Мен өмиримди бир жерде отырып өткериўди қәлемеймен. Мәмлекетимизде 4-ҳәкимият деп тән алынған бул бағдарды сырт ел тәжирийбелерине сүйенип еле де раўажландырыўды қәлеймен-дейди болажақ журналист.

Дилара Салиева ҳәзирги ўақытта жаңа жойбарлар бойынша излениўлер алып бармақта.

Каналымызға ағза болың :
@shimbayrk
346 views05:25
Ochish/sharhlash
2023-02-16 08:25:04
315 views05:25
Ochish/sharhlash
2023-02-15 22:24:02 #Жаслар _ парламенти

Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал – демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Жаслар парламентине сайлаўдың екинши аймақлық басқышы Нөкис қаласындағы «Ишга марҳамат» моноорайында болып өтти. Сайлаўдың аймақлық басқышына партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси хызметкерлери, сайлаў комиссиясы ағзалары, депутат жәрдемшилери, тийисли округтеги районлардан таңлап алынған талабанлар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Илажды Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри, O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Сағындық Турманов ашты ҳәм алып барды. Кейинги жыллары мәмлекетимизде жаслардың ҳуқықый мәдениятын асырыў, демократиялық мәмлекет қурыў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, сиясий процеслерде олардың белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Елимизде жаслардың мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўындағы белсендилигин арттырыў, социал-экономикалық, сиясий белсендилигин қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2020-жылдан баслап Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанында “Жаслар парламенти”ниң шөлкемлестирилгенлиги буның айқын мысалы бола алады. Талабанлар менен өткерилген сәўбетлер даўамында олардың нызамшылық тараўындағы билим ҳәм көнликпелери, сиясий ҳәм ҳуқықый саўатлылығы, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға мүнәсибети, нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслары, партияның мақсет ҳәмде ўазыйпаларын жаслар арасында кең үгит-нәсиятлаўға қаратылған усыныслар, сиясий партияның турмысындағы қатнасы есапқа алынды. Итибарлы тәрепи, быйылғы сайлаўдың өзгешелиги, бурын Жаслар парламентине талабан еки жылға сайланатуғын болса, енди еки ярым жылға сайланады. Сайлаў жуўмағы бойынша 2-санлы Төрткүл, 5-санлы Хожели ҳәм 6-санлы Шымбай сайлаў округлеринен 7 талабан таңлап алынып, сайлаўдың республикалық басқышында қатнасыў ушын усыныс етилди.

https://t.me/uzlidepqr
509 views19:24
Ochish/sharhlash
2023-02-15 22:24:02
458 views19:24
Ochish/sharhlash
2023-02-15 22:23:29
Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал – демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Жаслар парламентине өткерилген сайлаўдың екинши аймақлық басқышы ҳаққында видео ролик

https://t.me/uzlidepqr
436 views19:23
Ochish/sharhlash
2023-02-15 21:35:53
#DAĞAZA

16-fevral piyshembi kúni saat 15:00 de "Oqıwshılar ligası"nıń qısqı máwsim oyınlarınıń gezektegi tur oyınları bolıp ótedi.

Oyında ulıwma orta bilim beriw mektepleri, kásip-óner mektepleri, kollejler, liceyler, texnikumlar komandaları qatnasıwına boladı.

Bul oyın Nókis qalasınan tısqarı Ellikqala hám Shımbay rayonlarında da sinxron tárizde ótkeriledi.

Nókis qalasında: Nókis mámleketlik pedagogika institutı bas imaratında (26-kishi rayon, burınģı Gidro kolleji) saat 15:00 de.
Baslawshı: Baymurza Bazarbaev

Ellikqala rayonında: 7-sanlı IDUMda saat 15:00 de.
Baslawshı: Dilshodbek Djumaniyazov

Shımbay rayonında: 49-sanlı mektepte saat 15:00 de.
Baslawshı: Janar Izmurzaeva


Komandalar oyınģa keshikpesten keliwin soraymız.

@ZakovatQR
445 views18:35
Ochish/sharhlash
2023-02-15 21:16:43
Jaslar dápteri – imkaniyatlar dápteri

Sayora Tabınbaeva "Páshent taw" awıl puqaralar jıyınında jasaydı. Ol máhálle jaslar jetekshisine múrájat etken de gozzallıq salonın ashıw qálewi bar ekenligin biraq ol ushın ásbap-úskeneler alıwǵa sharayatı kelmey atırǵanlıǵın aytqan edi.

Búgin jaslar jetekshisiniń usınısı menen Sayoraǵa óz jumısın baslawı ushın barlıq sharayatlar jaratıldı, oǵan subsidiya tiykarında ásbap-úskeneler alıp berilip, bántligi támiyindi.
529 viewsedited  18:16
Ochish/sharhlash
2023-02-15 14:09:36
“Men donorman” qayırqomlıq akciyası ótkerilmekte

Búgin Jaslar isleri agentligi Shımbay rayonlıq bólimi tárepinen “Men donorman” qayırqomlıq akciyası ótkerildi. 

Akciyaǵa rayonlıq bólimi xızmetkerleri hám máhállelerdegi jaslar jetekshileri qatnastı.
Siz de akciyada qatnasıp, kóplep insanlar ómirin saqlap qalıwǵa óz úlesińizdi qosıwıńız múmkin.

Jaslar isleri agentligi Shımbay rayonlıq bólimi rayon jasların akciyaǵa belsene qatnasıwǵa shaqıradı.

#jaslaragentligi #mendonorman #bizbirsaptamız #jaqsılıqálbetteqaytadı
721 views11:09
Ochish/sharhlash
2023-02-14 09:09:54
Ózińizdegi qaharmandı tabıń!

“Men donorman”
qan tapsırıw qayırqomlıq akciyasında qatnasıw arqalı kóplep insanlar ómirin saqlap qalıw imkaniyatına iyesiz!

Siz de usı akciyada qatnaspaqshı bolsańız erteń 15-fevral kúni saat 11:00 de Shımbay medicina birlespesinde kútemiz.
Qosımsha maǵlıwmat ushın 99 337 87 58 telefon nomerine xabarlassańız boladı.

Qayırqomlıq qan tapsırıw akciyasında ıqtıyarıy 18 jastan 60 jasqa shekemgi bolǵan puqaralar (jaslar, áskeriy xızmetkerler, studentler, mámleket xızmetkerleri, kewilliler hám keń jámiyetshilik wákilleri) donor sıpatında qatnasıwları múmkin.

#jaslaragentligi #mendonorman #bizbirsaptamız #jaqsılıqálbetteqaytadı

https://t.me/krshimbay
53 views06:09
Ochish/sharhlash
2023-02-13 19:01:41
#XOSH_XABAR

2023-jıl 12-fevral kúni Sporttıń "Sambo" túri boyınsha eresekler arasında Qaraqalpaqstan Respublikası chempionatında sıylı 1-2-3-orınlardı qolģa kirgizgen "Mayjap" awıl puqaralar jıyını jasların qutlıqlaymız.

Jumamuratov Baxıtbek Dawletyarovich 58 kg. salmaqta 1-orındı jeńip aldı;

Baynazarov Aydos Mirzabaevich 58 kg. salmaqta 2-orındı iyeledi;

Kewlimjaev Qurbanbay Ómirbaevich 64 kg. salmaqta 2-orındı iyeledi;

Quttıqulov Quwatbay Asqarovich 64 kg. salmaqta 3-orındı iyeledi

Bul sportshı jaslarımız biziń maqtanıshımız.Jetiskenliklerińiz jáne de kóbeye bersin.


https://t.me/krshimbay
461 viewsedited  16:01
Ochish/sharhlash