Get Mystery Box with random crypto!

#Жаслар _ парламенти Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан | SHIMBAY JASLARI

#Жаслар _ парламенти

Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал – демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Жаслар парламентине сайлаўдың екинши аймақлық басқышы Нөкис қаласындағы «Ишга марҳамат» моноорайында болып өтти. Сайлаўдың аймақлық басқышына партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси хызметкерлери, сайлаў комиссиясы ағзалары, депутат жәрдемшилери, тийисли округтеги районлардан таңлап алынған талабанлар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Илажды Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри, O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Сағындық Турманов ашты ҳәм алып барды. Кейинги жыллары мәмлекетимизде жаслардың ҳуқықый мәдениятын асырыў, демократиялық мәмлекет қурыў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, сиясий процеслерде олардың белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Елимизде жаслардың мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўындағы белсендилигин арттырыў, социал-экономикалық, сиясий белсендилигин қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2020-жылдан баслап Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанында “Жаслар парламенти”ниң шөлкемлестирилгенлиги буның айқын мысалы бола алады. Талабанлар менен өткерилген сәўбетлер даўамында олардың нызамшылық тараўындағы билим ҳәм көнликпелери, сиясий ҳәм ҳуқықый саўатлылығы, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға мүнәсибети, нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслары, партияның мақсет ҳәмде ўазыйпаларын жаслар арасында кең үгит-нәсиятлаўға қаратылған усыныслар, сиясий партияның турмысындағы қатнасы есапқа алынды. Итибарлы тәрепи, быйылғы сайлаўдың өзгешелиги, бурын Жаслар парламентине талабан еки жылға сайланатуғын болса, енди еки ярым жылға сайланады. Сайлаў жуўмағы бойынша 2-санлы Төрткүл, 5-санлы Хожели ҳәм 6-санлы Шымбай сайлаў округлеринен 7 талабан таңлап алынып, сайлаўдың республикалық басқышында қатнасыў ушын усыныс етилди.

https://t.me/uzlidepqr