Get Mystery Box with random crypto!

Ибрайым Юсупов

Telegram kanalining logotibi ibrayim_yusupov — Ибрайым Юсупов И
Telegram kanalining logotibi ibrayim_yusupov — Ибрайым Юсупов
Kanal manzili: @ibrayim_yusupov
Toifalar: Taʼlim
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 4.93K
Kanalning ta’rifi

Ибрайым Юсупов - XX әсирдеги
Қарақалпақ халқының уллы шайыры...
Биз Бенен Биргеликте:
@Tolepbergen_Qayipbergenov

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar

2022-08-20 05:32:14 ЖИГИТТИҢ СОНЫҢДАЙ БИР ДОСТЫ БОЛСЫН...

И. Бабашқа

Өзи болған, ҳəй өзмəмбет жигитлер!
Сүриңлер дəўранды, ортаңыз толсын.
Ҳəзир қулақ сүймес пəнди-үгитлер.
Сонда да айтайын: досларың болсын.

Дослық гүлшəнине мегзес бул заман,
Кеўил кеўиллерден суў ишер мудам.
Өзиң дүзиў болсаң, көпдур дос-яран,
Досларың ишииде бир достың болсын.

Саған ҳəмдам болсын өзи жасынан,
Студентлик ўақтың зағарасынан.
«Жанымды берейин» демесин саған.
Берсе айтпай берер бир достың болсын.

Сыншыл дүнья қосып талай басларды,
Есап-шот қаққызып сынар досларды,
Айтқызар ҳəр турли жаңылтпашларды,
Сонда жаңылмастай бир достың болсын.

Суў бойында бир қос ҳаўалы терек,
Тамыры қосылған, шақасы бөлек,
Атларын суўғарсын жүректен жүрек,
Еки тор ала ғаз талпынар болсын.

Дүнья жолда жатқан түлкиге усар,
Күншиллик жибине билдирмей тусар.
Бир қыз болып еккиңизге көз қысар,
Сондайда зейини қыл қаўып турсын.

Хожалық машқала түскенде басқа,
Ҳəрким шырматылып бир қолаң шашқа,
«Доспыз» деген мəртлер кетер тум-тусқа,
Сондайда сыр бермес бир достың болсын.

Ақыл-парасатлы, ғошшақ азамат,
Болсын өзиңнен де бир қəдем зыят.
Ол ҳəм сеннен алсын йош пенен қуўат,
Асқар таў айбатың - бир достың болсын.

Сен деп қалсын журт көргенде төбесин,
Тартсын салдаўласып ақыл кемесин,
Сен не айтсаң бəрин«мақул» демесин,
Адассаң абайлап алдыңды шолсын.

Қайнап кетсең, тартып қойсын отыңды,
Шаршап қалсаң мешеўлесин атыңды,
Ақыл ойы асқатықтай тойымлы,
Жигиттиң жөн билер бир досты болсын.

Жүк артылып, кəрўан жүрип кеткенде,
Орныңа жас əўлад келип жеткенде,
«Сондай дослар болыпты - деп - өткенде»
Ийни келген жерде айтысып жүрсин.


Февраль, 1969 ж. Нөкис.

http://t.me/ibrayim_yusupov
3.5K viewsedited  02:32
Ochish/sharhlash
2022-08-20 05:26:24
Еки аққуў көлде жүрсе,
Сыңсып пәрин тарасады.
Бул дүньяда ҳәмме нәрсе
Жупты менен жарасады.
Ибрайым Юсупов

Каналымыз :
https://t.me/ibrayim_yusupov
2.7K views02:26
Ochish/sharhlash
2022-05-04 22:01:24
Ассалаўма әлейкүм қәдири бәлент каналымыз ағзалары!
5-май Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан ҳалық шайыры, Поэзия байтереги,
Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Ибрайым Юсупов атамыздың туўылған күни!
Ҳеш қашан сөнбес Поэзия жулдызының "93 жыллығы" менен бәрше каналымыз ағзаларын шын кеўилден қутлықлаймыз!
Аязий атамыздың жатқан жери женнети, топырағы торқа болсын!
Бәрше шәкиртлерине руўхлары яр болып, исин даўам еттириўши инсанларға шайыр атамыздың шарапаты тийсин!

Жасыл жапырақ самал менен ойнаса,
Ашықлық ышқыдан кеўил тоймаса,
Гүллер ғумшаланса, бүлбүл сайраса,
Сен жанасаң поэзия жулдызы.

Сиз ҳәмийше қәлбимизде жасайсыз!

Каналымыз - https://t.me/ibrayim_yusupov
15.6K views19:01
Ochish/sharhlash
2022-05-04 21:50:37 ​​​КАНАЛЫМЫЗ МАЗМУНЫ

Төменде келтирилген қосықлар үстине басып , сол қосықды тез таўып алып өқысаңыз болады.
Ўақты-ўақты менен жаңаланып барылады. Дизимде қәте-кемшиликлер болыўы мүмкин, қәте-кемшиликлер ушын кеширим сораймыз ...

Бир адамды бир адам

Ырым

Қыздың кеўли - қызыл гүл

Аўылдағы кеш

Қарақалпақ ҳаққында сөз

Сағыныў

Және келдим сениң қабириң басына

Сулыўлар ышқында

Мениң үйим

Айт сен Әжинияздың қосықларынан

Пазыйлет

Саллана-долана барар бир жанан

Қыйын ҳәм Аңсат

Раҳмет саған, заманым!

Суў Пери

Қарлығаш

Помада

Бир ҳәмелдар жигитке

Жаңа жыл тилеклери

Еркин Базар

Мен сениң кеўлиңди қабартқан күни

Туўысқанлық

Дала гүли

Ғаррылар

Көл бойында

Пазналар

Ақ алтынды алтын қоллар жаратар

Бир гезлери Бердақ жүрген жерлерде

Хорезмге

Бес Қонақ

Тәрези

Тилек

Гүллер аңламас

Қой, даңқпараз болыўдан уял

Шайыр ҳәм Жүрек

Ҳамал

Сағыныш

Ана тилиме

Ана

Қосық

Кегейли

Бессарылар

Ғазлардың қанатында

Сен теберик дәргайысаң билимниң

Қара көйлек ишинде

Шынтлап сүйген кеўил ҳаслан айнымас

Шөгирме

Сүймегенге сәлем жоқдур

Сын керек

Қарақалпақты көп мақтама көзимше

Ҳәр кимниң өз заманы бар

Жоллыдан сәлем

Билим булағы

Мүнажат

Сен дегенде

Пара

Сизсиз мениң күним жоқ

Дузлы самаллар

Алыс әўладларға

Кеўил кеўилден суў ишер

Жигиттиң соныңдай бир досты болсын

Жубатыў

Мустақыллық майданынан өткенде

Ана жүреги (Рәўият сөзи)

Мениң жигит ўақтым сениң қыз ўақтың

Бул қаланың көшесинен жүргенде

Нәресте

Шайыр

Каналымызға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/ibrayim_yusupov
10.9K views18:50
Ochish/sharhlash
2021-06-27 19:21:40 Ибрайым Юсупов "Жоллыдан сәлем"
Оқыған: Алпамыс Зияев
Қанлыкөлли каналымыз ықласбенти!
Каналымыз: https://t.me/ibrayim_yusupov
40.1K viewsЖансәўле Хамидуллаева, edited  16:21
Ochish/sharhlash
2021-05-13 06:41:19
Рамазан Ҳайыты мүбәрек болсын!
49.1K views03:41
Ochish/sharhlash
2021-05-07 09:14:55
Ассалаўма әлейкум ҳүрметли каналымыз ағзалары!
Бүгин 7-май Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан ҳалық жазыўшысы, Өзбекстан қаҳарманы, Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты Төлепберген Қайыпбергенов атамыздың туўылған күни!

Каналымыз: https://t.me/TOLEPBERGEN_QAYIPBERGENOV
44.8K viewsЖансәўле Хамидуллаева, 06:14
Ochish/sharhlash
2021-05-05 12:12:44 Ибрайым Юсупов 92 жыллығы
Қутлыбийке Маткеримова
https://t.me/ibrayim_yusupov
37.9K viewsЖансәўле Хамидуллаева, 09:12
Ochish/sharhlash
2021-05-05 10:16:21 ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ КƏРАМАТЫ
(Шайыр Ибрайым Юсуповқа)


Алдымда ақ қағаз, қəлем қолымда,
Талай сөз ушады оңлы-солымда,
Сондадағы теңеу таппай дурыслы,
Еле талай сарсыламан жолыңда.

Пүткил халық айтар қосық-намаңды,
"Мақтама,-деп,-мына қара табанды",
Қарақалпақтың кəраматы десем де,
Асыра болмас Сиздей шайыр атамды.

Қосық қылдың таңғы шықтың шырайын,
Өзиңе қаратып журтты толайым,
Жарқ еткен теңеуди таппасамдағы,
Сөзиң билимданы өзим болайын.

Нағыз шайыр, дəрья болып харладың,
Бул дүньяға бир келер боп жаңладың,
Саудагер ме, уста ма, ол зергер ме,
Сенде табар қыял, арзыу-əрманын.

Сөз жолында гүллер егип, жаңартып,
Əпиуайылықтан даналықты жаратып,
Бир түңилген қосығыңды оқыса,
Нурың турар өз сыйқырын таратып.

Қарақалпақтың пазыйлетин, кийимин,
Қалдырмастан бул əсирдиң қыйығын,
Жырладыңау, енди билсем бир өзиң,
Шешкендейсең поэзияның түйинин.

Хешким билмес кимдур сендей ағама,
Қурғақ емес маржаннан сөз тағама,
Төртлигиңе жазған дəуир шынлығын,
Мына мениң əзиз жаным садаға!

Айтаберсем тəрийплерим сыяма?
Өз жолың бар бəринен де зыяда,
Хəр адамның қолын услап, сөз бенен,
Жетеледиң хақлық деген уяға.

Бул дүнья муңланса шеткери шығып,
Бир жылап алдыңау басыңды буғып,
Бир адам сөйлесе жала-жалғанды,
Кеулиңе алғандай ништерин суғып.

Пегас миндиң Парнас тəреп жорғалап,
Жолда көрген тикенлерди тырмалап,
Қосығыңды қайсы инсан оқыса,
"Уах-уах" дейди көзде жасы сорғалап.

Өмирдиң көрсетип гөззал таманын,
Иширдиң бахыттың татлы шарабын,
Узақ əуладларың ядында сақлап,
Патшасы деп атар қосық қаланың.

Нелер келмес қыялпараз басыма,
Бəлким, турман болмас затқа асыла,
Əрманым жоқ Сиздей қосық жазалсам,
Төзим берип поэзияның тасына.

МЕХРИБАН ҚАРТБАЕВА
https://t.me/ibrayim_yusupov
38.1K viewsЖансәўле Хамидуллаева, edited  07:16
Ochish/sharhlash
2021-05-05 08:40:26
Сөйтседағы, бендешилик деген бар,
Базда турып қыял етсең ойланып,
Бизлер қуўып салған әрманлы Арал,
Өз жағысын аңсап, келсе айланып
"Теңиз, теңиз!" десип қуўанған баллар,
Мениң зиратымның қасына барып,
Ядға алса қосығымды төрт қатар,
Руўхым бир аўнап шад болып жатар...

Каналымыз - https://t.me/ibrayim_yusupov
31.4K viewsedited  05:40
Ochish/sharhlash