Get Mystery Box with random crypto!

Ибрайым Юсупов

Telegram kanalining logotibi ibrayim_yusupov — Ибрайым Юсупов И
Telegram kanalining logotibi ibrayim_yusupov — Ибрайым Юсупов
Kanal manzili: @ibrayim_yusupov
Toifalar: Taʼlim
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 4.93K
Kanalning ta’rifi

Ибрайым Юсупов - XX әсирдеги
Қарақалпақ халқының уллы шайыры...
Биз Бенен Биргеликте:
@Tolepbergen_Qayipbergenov

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar 2

2021-05-05 08:15:11 Ибрайым Юсупов 92 жаста
Қараөзек районы 2-санлы ҚМУББ мектеби
Аширбекова Зульфия
https://t.me/ibrayim_yusupov
26.9K viewsЖансәўле Хамидуллаева, 05:15
Ochish/sharhlash
2021-05-05 08:03:13 Ибрайым атамыздың қосықларын оқыўды қәлесеңиз, излеп жүрген болсаңыз төмендеги "Қосықларын оқыў" түймесин басып, соң пайда болатын дизимнен өзиңиз излеген қосықты таўып оқыўыңыз мүмкин
26.8K views05:03
Ochish/sharhlash
2021-05-05 06:22:55
Ассалаўма әлейкүм ҳүрметли каналымыз ағзалары!
"5-май" Пүткил елимизде тарийхый ҳәм умытылмас сәне есапланады! Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан ҳалық шайыры, Поэзия байтереги,
Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Ибрайым Юсупов атамыздың туўылған күни!
Ҳеш қашан сөнбес Поэзия жулдызының "92 жыллығы" менен бәрше заманласларымызды каналымыз атынан шын кеўилден қутлықлаймыз!
Ибрайым Юсуповтың руўхы шад болғай, бәрше шәкиртлерине руўхлары яр болып, исин даўам еттириўши инсанларға шайыр атамыздың шарапаты тийсин!

Жасыл жапырақ самал менен ойнаса,
Ашықлық ышқыдан кеўил тоймаса,
Гүллер ғумшаланса, бүлбүл сайраса,
Сен жанасаң поэзия жулдызы.

Сиз ҳәмийше қәлбимизде жасайсыз!
Ҳүрмет пенен администрация!


Каналымыз - https://t.me/ibrayim_yusupov
30.9K viewsedited  03:22
Ochish/sharhlash
2021-05-01 16:06:55
#Ibrayım_Yusupov_92_jasta

Өзбекстан қаҳарманы. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан ҳалық шайыры. Поэзия байтереги Ибрайым Юсупов атамыздың 92 жыллығы мүнасибети менен Шымбай районлық 11-санлы улыўма билим бериў мектебинде әдебий кеше өткерилди. Салтанатлы кешеде шайырдың қызы Айжамал Юсупова ҳәм И.В.Савицкий атындағы көркем-өнер музейдиң Этнография ҳалық қол-өнери бөлими баслығы Айгуль Пирназаровалар мийманда болды.
Иләжда мектеп оқыўшылары тәрепинен уллы шайырды еслеп, оның өмир жолы ҳәм дөретиўшилигинен қосық-тақмақлар, атап айтқанда: "Градусник ҳаққында баллада" ҳәм "Ана жүреги" дөретпелеринен саҳналық көринислер ҳәм намалы қосықларына аяқ-ойынлар шөлкемлестирилди. Сондай-ақ Аязий ықласбентлериниң көпшилиги өзлериниң қызықтырған сораўлары менен қатнасты.
Шайырдың қызы Айжамал Юсупова мектебимизге өзиниң таярлап келген саўғаларын усынып, китаплар ҳәм де шайыр атамыздың балалықтағы портретин инам етти!

Кешени шөлкемлестирген 11-мектеп жаслар жетекшиси Парахат Тәженовқа миннетдаршылық билдиремиз!
26.6K viewsХамидуллаевлар, 13:06
Ochish/sharhlash
2021-04-13 08:04:07
#Bismillah
Ассалаўма әлейкум ҳүрметли каналымыз ағзалары!
Кирип келген "Рамазан" айы бәршеге қутлы мүбәрек болсын!
Елимиз тыныш, ҳалқымыз пәраўан, шаңарағыңыз аман болғай!
Ораза айында тутқан оразаңыз, ийги ислериңиз, жақсы тилеклериңиз "Алла" дәргайында қабыл болсын!

Ҳүрмет пенен: Администрация

Каналымыз - https://t.me/ibrayim_yusupov
29.2K viewsedited  05:04
Ochish/sharhlash
2020-12-13 20:30:10
Каналымыз ықласбентлери ушын саўға!

Ибрайым Юсупов
"Мен өз тәғдириме қайыл қаламан"
Оқыған: Айжамал Юсупова
58.0K viewsЖансәўле Хамидуллаева, 17:30
Ochish/sharhlash
2020-12-13 20:13:56
Ҳүрметли каналымыз ағзалары!
Усының менен онлайн сәўбетимиз өз жуўмағына жетти!
Өзиниң қымбатлы ўақытын бөлип, сиз әзийзлер менен ғайыбана болса да сәўбетлесип, өзиниң әжайып жуўаплары менен көпшиликти қуўандырған Айжамал Юсупова апамызға шексиз миннетдаршылық билдиремиз!
Жақсы күнлерде, әжайып демлерде көрисип, дийдарласқанша саў-саламат болың!
Каналымыздан узақласпаң!
"Бул жер еле зор болады!"
17.4K viewsЖансәўле Хамидуллаева, edited  17:13
Ochish/sharhlash
2020-12-13 20:06:16 Ассалаўма әлейкум бәршеге!
Мен Қараөзек районынан Алланиязова Айсара боламан!
Сораўым: Айжамал апа, атамыз өмири даўамында көплеп қосықлар жазып, дөретиўшилик еткен...
Сиз де өз атаңызға арнап қосық яки шығарма жазғансызба?
Жуўап ушын рахмет!
Администраторларға айрықша рахмет!
11.9K viewsЖансәўле Хамидуллаева, 17:06
Ochish/sharhlash