Get Mystery Box with random crypto!

ЖИГИТТИҢ СОНЫҢДАЙ БИР ДОСТЫ БОЛСЫН... И. Бабашқа Өзи болған, | Ибрайым Юсупов

ЖИГИТТИҢ СОНЫҢДАЙ БИР ДОСТЫ БОЛСЫН...

И. Бабашқа

Өзи болған, ҳəй өзмəмбет жигитлер!
Сүриңлер дəўранды, ортаңыз толсын.
Ҳəзир қулақ сүймес пəнди-үгитлер.
Сонда да айтайын: досларың болсын.

Дослық гүлшəнине мегзес бул заман,
Кеўил кеўиллерден суў ишер мудам.
Өзиң дүзиў болсаң, көпдур дос-яран,
Досларың ишииде бир достың болсын.

Саған ҳəмдам болсын өзи жасынан,
Студентлик ўақтың зағарасынан.
«Жанымды берейин» демесин саған.
Берсе айтпай берер бир достың болсын.

Сыншыл дүнья қосып талай басларды,
Есап-шот қаққызып сынар досларды,
Айтқызар ҳəр турли жаңылтпашларды,
Сонда жаңылмастай бир достың болсын.

Суў бойында бир қос ҳаўалы терек,
Тамыры қосылған, шақасы бөлек,
Атларын суўғарсын жүректен жүрек,
Еки тор ала ғаз талпынар болсын.

Дүнья жолда жатқан түлкиге усар,
Күншиллик жибине билдирмей тусар.
Бир қыз болып еккиңизге көз қысар,
Сондайда зейини қыл қаўып турсын.

Хожалық машқала түскенде басқа,
Ҳəрким шырматылып бир қолаң шашқа,
«Доспыз» деген мəртлер кетер тум-тусқа,
Сондайда сыр бермес бир достың болсын.

Ақыл-парасатлы, ғошшақ азамат,
Болсын өзиңнен де бир қəдем зыят.
Ол ҳəм сеннен алсын йош пенен қуўат,
Асқар таў айбатың - бир достың болсын.

Сен деп қалсын журт көргенде төбесин,
Тартсын салдаўласып ақыл кемесин,
Сен не айтсаң бəрин«мақул» демесин,
Адассаң абайлап алдыңды шолсын.

Қайнап кетсең, тартып қойсын отыңды,
Шаршап қалсаң мешеўлесин атыңды,
Ақыл ойы асқатықтай тойымлы,
Жигиттиң жөн билер бир досты болсын.

Жүк артылып, кəрўан жүрип кеткенде,
Орныңа жас əўлад келип жеткенде,
«Сондай дослар болыпты - деп - өткенде»
Ийни келген жерде айтысып жүрсин.


Февраль, 1969 ж. Нөкис.

http://t.me/ibrayim_yusupov