Get Mystery Box with random crypto!

ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ КƏРАМАТЫ (Шайыр Ибрайым Юсуповқа) Алдымда ақ қа | Ибрайым Юсупов

ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ КƏРАМАТЫ
(Шайыр Ибрайым Юсуповқа)


Алдымда ақ қағаз, қəлем қолымда,
Талай сөз ушады оңлы-солымда,
Сондадағы теңеу таппай дурыслы,
Еле талай сарсыламан жолыңда.

Пүткил халық айтар қосық-намаңды,
"Мақтама,-деп,-мына қара табанды",
Қарақалпақтың кəраматы десем де,
Асыра болмас Сиздей шайыр атамды.

Қосық қылдың таңғы шықтың шырайын,
Өзиңе қаратып журтты толайым,
Жарқ еткен теңеуди таппасамдағы,
Сөзиң билимданы өзим болайын.

Нағыз шайыр, дəрья болып харладың,
Бул дүньяға бир келер боп жаңладың,
Саудагер ме, уста ма, ол зергер ме,
Сенде табар қыял, арзыу-əрманын.

Сөз жолында гүллер егип, жаңартып,
Əпиуайылықтан даналықты жаратып,
Бир түңилген қосығыңды оқыса,
Нурың турар өз сыйқырын таратып.

Қарақалпақтың пазыйлетин, кийимин,
Қалдырмастан бул əсирдиң қыйығын,
Жырладыңау, енди билсем бир өзиң,
Шешкендейсең поэзияның түйинин.

Хешким билмес кимдур сендей ағама,
Қурғақ емес маржаннан сөз тағама,
Төртлигиңе жазған дəуир шынлығын,
Мына мениң əзиз жаным садаға!

Айтаберсем тəрийплерим сыяма?
Өз жолың бар бəринен де зыяда,
Хəр адамның қолын услап, сөз бенен,
Жетеледиң хақлық деген уяға.

Бул дүнья муңланса шеткери шығып,
Бир жылап алдыңау басыңды буғып,
Бир адам сөйлесе жала-жалғанды,
Кеулиңе алғандай ништерин суғып.

Пегас миндиң Парнас тəреп жорғалап,
Жолда көрген тикенлерди тырмалап,
Қосығыңды қайсы инсан оқыса,
"Уах-уах" дейди көзде жасы сорғалап.

Өмирдиң көрсетип гөззал таманын,
Иширдиң бахыттың татлы шарабын,
Узақ əуладларың ядында сақлап,
Патшасы деп атар қосық қаланың.

Нелер келмес қыялпараз басыма,
Бəлким, турман болмас затқа асыла,
Əрманым жоқ Сиздей қосық жазалсам,
Төзим берип поэзияның тасына.

МЕХРИБАН ҚАРТБАЕВА
https://t.me/ibrayim_yusupov