Get Mystery Box with random crypto!

Атағулла Сатбаев | Ataǵulla Satbaev

Telegram kanalining logotibi atagulla_satbaev — Атағулла Сатбаев | Ataǵulla Satbaev А
Telegram kanalining logotibi atagulla_satbaev — Атағулла Сатбаев | Ataǵulla Satbaev
Kanal manzili: @atagulla_satbaev
Toifalar: Adabiyot , Telegram
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 171
Kanalning ta’rifi

Жеке меншик каналдағы әдебият ҳаққындағы көзқараслар, пикирлер де жеке меншик. Айтыўдан қорқпаў кереклигин түсиндик. Сөйлеўди басладық...
Байланыс ушын:
@Satbaev95_bot
@oninshi

Ratings & Reviews

3.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 2

2021-02-07 13:08:26
Әлбетте, биз хәмме нәрсени өлшем менен жараттық.

“Қурани Карим”, “Қамар” сүреси 49-aят
200 viewsedited  10:08
Ochish/sharhlash
2021-02-06 21:33:05 Қуяшты батысқа узатып салып,
Қараңғылық көрпесин жамылар Нөкис.
Жулдызлар сырларын сатар “тис жарып”,
Тереклер тик турып көрер әжеп түс.

Түнги шырақлардың жақтысы ҳәлсиз –
саяң көринбес
(жоқ излесең де).
Пайтахттиң қушағындай табылмас ҳәргиз:
тынышлық ҳүким сүрер бул жерде.

Жаяўлап келесең Қызкеткен жағысына
Аспан үнсиз бағар:
тоқтайды ўақыт.
Қосылып кетер қыялың суў ағысына,
дәртлериңнен қалмас бир уўыс сарқыт...

Жалғызлыққа урылар қақсаған желкең,
силкинип кетесең “жеңил” соққыдан.
Самал сыбырлар,
даўысы өлпең,
сен сыяқлы безгендей бул ышқыдан.

“Сен де Нөкистесең, мен де Нөкисте” *.
Тәғдир сызығымыз тутаспас лекин.
Екеўимиз де қалдық бирдей қәпесте,
Тек муҳаббат ғана пәрўазда... Еркин...

Қызкеткенде ығып кеткен қыялларыңды,
Ҳәр таң алып келемен дәртиме қоса.
Көрисермиз...
Жойтпа үмитли ойларыңды,
Бахытлы да болармыз Тәңри буйырса.

Тереклер тик турып көрген түслерин,
Жулдызларға айтар таңда “тис жарып”.
Уйқыдан оянар пайтахт Нөкис,
Қуяшты Шығыстан қарсы алып...

Жүрек деген компасымның изинен,
Алдыңа бараман...
Күтип ал мени...
________________________

* Мехрибан Қартбаева қосық қатары

Атағулла Сатбаев

@atagulla_satbaev
110 viewsedited  18:33
Ochish/sharhlash
2021-02-05 08:50:48
Айралықтың саатлары,
Тилине тас байланған.
Сенсиз ҳәр дем, ҳәрбир мәўрит.
Әсирлерге айланған.

Айралықтың саатлары,
Ада болмас азаплар.
Күним өтпес, атпас таңым,
Кетсең меннен узақлап!

Абадан ТУРДЫМУРАТОВА

https://t.me/a_blognot
92 views05:50
Ochish/sharhlash
2021-02-04 18:40:01 https://kun.uz/43197527
114 views15:40
Ochish/sharhlash
2021-02-04 18:09:32 https://kun.uz/43197527
117 views15:09
Ochish/sharhlash
2021-02-03 20:50:37 Өмир отырғышқа сүйенер ҳәм де
айландырар саатының тиллерин.
Ўақыялар жүз берер кең әлемде
орынлап ўақыттың барлық шәртлерин.

Турмыс дәлизинде жуўыр-жуўырлар,
шаба-шап гүжийди – асығар ҳәмме!
Тоқтамайды!
Ўақыт деген зуўылдар!
Өмир бармақлары иркилер ме!?

Қолларына тағып жүрген сааттың,
Тилин өзи емес, өзге басқарар.
Алақаны бос қалмаған адамзаттың,
Дым болмаса дәрт қоржынын арқалар.

Күн менен түн –
өзгермес нәўбетши.
Инсан – уллы жаратылыс!
(Анық бул!)
Бәлким, оған бахыт инәм етпекши,
Отырғышға сүйенген өмир...

Атағулла Сатбаев

https://t.me/joinchat/VI7kPN7o8EbQ92Ck
187 viewsedited  17:50
Ochish/sharhlash
2021-02-02 20:33:16
«Севмоқ бу дунёда жамики дардни
Ижарага олмоқ экан аслида...»

Ш.Усмонов

@sheriston
103 views17:33
Ochish/sharhlash
2021-02-02 18:38:31
100 views15:38
Ochish/sharhlash
2021-02-02 18:36:16
98 views15:36
Ochish/sharhlash
2021-02-02 18:36:16
92 views15:36
Ochish/sharhlash