Get Mystery Box with random crypto!

Өмир отырғышқа сүйенер ҳәм де айландырар саатының тиллерин. Ўа | Атағулла Сатбаев | Ataǵulla Satbaev

Өмир отырғышқа сүйенер ҳәм де
айландырар саатының тиллерин.
Ўақыялар жүз берер кең әлемде
орынлап ўақыттың барлық шәртлерин.

Турмыс дәлизинде жуўыр-жуўырлар,
шаба-шап гүжийди – асығар ҳәмме!
Тоқтамайды!
Ўақыт деген зуўылдар!
Өмир бармақлары иркилер ме!?

Қолларына тағып жүрген сааттың,
Тилин өзи емес, өзге басқарар.
Алақаны бос қалмаған адамзаттың,
Дым болмаса дәрт қоржынын арқалар.

Күн менен түн –
өзгермес нәўбетши.
Инсан – уллы жаратылыс!
(Анық бул!)
Бәлким, оған бахыт инәм етпекши,
Отырғышға сүйенген өмир...

Атағулла Сатбаев

https://t.me/joinchat/VI7kPN7o8EbQ92Ck