Get Mystery Box with random crypto!

Қуяшты батысқа узатып салып, Қараңғылық көрпесин жамылар Нөки | Атағулла Сатбаев | Ataǵulla Satbaev

Қуяшты батысқа узатып салып,
Қараңғылық көрпесин жамылар Нөкис.
Жулдызлар сырларын сатар “тис жарып”,
Тереклер тик турып көрер әжеп түс.

Түнги шырақлардың жақтысы ҳәлсиз –
саяң көринбес
(жоқ излесең де).
Пайтахттиң қушағындай табылмас ҳәргиз:
тынышлық ҳүким сүрер бул жерде.

Жаяўлап келесең Қызкеткен жағысына
Аспан үнсиз бағар:
тоқтайды ўақыт.
Қосылып кетер қыялың суў ағысына,
дәртлериңнен қалмас бир уўыс сарқыт...

Жалғызлыққа урылар қақсаған желкең,
силкинип кетесең “жеңил” соққыдан.
Самал сыбырлар,
даўысы өлпең,
сен сыяқлы безгендей бул ышқыдан.

“Сен де Нөкистесең, мен де Нөкисте” *.
Тәғдир сызығымыз тутаспас лекин.
Екеўимиз де қалдық бирдей қәпесте,
Тек муҳаббат ғана пәрўазда... Еркин...

Қызкеткенде ығып кеткен қыялларыңды,
Ҳәр таң алып келемен дәртиме қоса.
Көрисермиз...
Жойтпа үмитли ойларыңды,
Бахытлы да болармыз Тәңри буйырса.

Тереклер тик турып көрген түслерин,
Жулдызларға айтар таңда “тис жарып”.
Уйқыдан оянар пайтахт Нөкис,
Қуяшты Шығыстан қарсы алып...

Жүрек деген компасымның изинен,
Алдыңа бараман...
Күтип ал мени...
________________________

* Мехрибан Қартбаева қосық қатары

Атағулла Сатбаев

@atagulla_satbaev