Get Mystery Box with random crypto!

Айлық кешиктирилген ҳәр бир күн ушын неше сум төлениўи керек? | XALÍQ USHÍN ⚖️

Айлық кешиктирилген ҳәр бир күн ушын неше сум төлениўи керек?

Мийнет кодексиниң 333-статьясына көре, жумыс бериўши ис ҳақыны ҳәм басқа төлемлерди төлеў мүддетин бузған жағдайда ҳәр бир кешиктирилген күн ушын пуллы компенсация төлеўи шәрт. Бунда компенсация ис ҳақының кешиктирилиўинде жумыс бериўшиниң айыбы бар ямаса жоқ екенлигине қарамастан төленеди.

Кешиктирилген күнлер ушын пуллы компенсация Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасының (14%) 1/10 бөлеги муғдарында белгиленеди.

Әмелиятта усы компенсацияны төлеў тәртибинде түсинбеўшиликлер ҳәм даўлар келип шықпақта.

Сонлықтан, Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен усы компенсацияны төлеўдиң тәртиби түсиндирилген. Хатта айлық муғдары 2 млн сум етип алынған.

Жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin