Get Mystery Box with random crypto!

Toqpaq_ata_uz

Telegram kanalining logotibi toqpaq_ata_uz — Toqpaq_ata_uz T
Telegram kanalining logotibi toqpaq_ata_uz — Toqpaq_ata_uz
Kanal manzili: @toqpaq_ata_uz
Toifalar: Din
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 2.41K
Kanalning ta’rifi

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Мойнақ районы "Тоқпақ ата" жаме мешитиниң Telegram каналы!

Ratings & Reviews

1.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 2

2022-10-05 08:45:19
#күн_ҳақыйқаты                                                    

Бир қарағанда тамаша етиў жүдә қыйын, лекин...
Түйелердиң еринлери жетерлише ийкемлесиўшең ҳәм қалың болып, қатты ҳәм өткир ушлы  шақаларға шыдам бере алатуғын дәрежеде күшли есапланады. Соның ушын, тикенли өсимликлерди жеў олар ушын ҳасла машқала емес... Ал, бул Жаратқан Рәббимиздиң уллылығына әпиўайы бир мысал...

https://t.me/alberuniyuz
290 views05:45
Ochish/sharhlash
2022-10-05 08:45:19
"БИРЕЎДИ КӨРИП ПИКИР ЕТ, БИРЕЎДИ КӨРИП…"

    "Бул дүньяда сизден төменде, пәсте болғанға қараң. Ҳасла сизден жоқары болғанға қарамаң. Себеби сизден үстин болғанларға қарап, ишиңизден қыйналыўыңыз, өзиңизге берилген Аллаҳ неъматларын қәдирсиз ҳәм кем деп билиўиңизге себеп болады".
 
Имам Бухарый, Муслим, Термизий рәўияты.

    Ҳәдисте өмирден қуўанышлы, өзиниң ҳалына шад болыў, налымастан, ишиңизден қыйналмастан жасаўдың зәрүр шәртине ишәра қылынбақта.
Инсан ҳеш қашан сыртқы көриниси, физикалық имкәнияты, жасаў шараяты өзинен үстинирек болғанларға қарап, өкинбеўи керек.  
     Керисинше, өзинен төмен шараятта жасап атырған адамларды көз алдына келтирип, Аллаҳ таала оған берген неъматларының қәдирине жетиўи тийис.

"Ғам-қайғысыз жасайын десеңиз (өкинбе)" китабынан.

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA
268 views05:45
Ochish/sharhlash
2022-10-05 07:23:01 #ўақыя

ИНСАПЛЫ УРЫ

Бир неше жыллар алдын “Дамас”да телефоным түсип қалды. Nokia 6300 еди. Сол заманның ең алды телефоны. Дәрриў қоңыраў еттим. Жаслаў бир жигит алды. Телефон меники екенин айтып, қайтарып бериўин сорадым.
Ол:
- “Яқ, бермеймен, мен оны таўып алдым”, деп телефонды өширди.
Және қоңыраў еттим:
– Иним, яқшы, телефон саған қалсын, бирақ сим картамды қайтар.
– Яқшы, – деди бала, – базарда почта алдындағы телефон будкасына барың. Бутканың үстине сим картаңызды қойып кетемен.
Бардым. Айтылған орыннан сим картаны алып, телефонға салған едим, қоңыраў болды.
– Алдыңыз ба?
– Алдым.
– Яқшы, телефон ушын рахмет.
– Иним, номеримди сақлап қой. Бир күн келип, инсап кирип, телефонымды қайтарғың келип қалса, керек болады, деймен дә.

Арадан бир неше жыллар өтти. Бул ўақыя улыўма есимнен шығып кеткен еди.
Танымайтуғын номерден қоңыраў келди:
– Мен баяғы телефоныңызды урлаған баламан. Телефоныңызды қайтаражақпан, деди.
- Ҳә, инсап кирип қалды ма, дедим.
Ол:
-Сол ўақытта жаслық етиппен, енди туўры жолға түстим. Қаладағы пәлен дүканға барсаңыз, сизге телефоныңызды берип жибереди, деди дә телефонды жапты.
Айтқан мәнзилине бардым.
Сатыўшы алдын телефон номеримди сорады. Телефон номеримди айтқанымнан кейин сатыўшы: Бир жигит аманат деп мына телефонды берип кетти ҳәм сизиң номериңизди айтып: "Усы номердеги адамға берип қойың деди, деп, телефонды қолыма услатты…»


Аллаҳ инсап берсе уры да туўры болады екен

https://t.me/Toqpaq_ata_uz
267 viewsedited  04:23
Ochish/sharhlash