Get Mystery Box with random crypto!

#ўақыя ИНСАПЛЫ УРЫ Бир неше жыллар алдын “Дамас”да т | Toqpaq_ata_uz

#ўақыя

ИНСАПЛЫ УРЫ

Бир неше жыллар алдын “Дамас”да телефоным түсип қалды. Nokia 6300 еди. Сол заманның ең алды телефоны. Дәрриў қоңыраў еттим. Жаслаў бир жигит алды. Телефон меники екенин айтып, қайтарып бериўин сорадым.
Ол:
- “Яқ, бермеймен, мен оны таўып алдым”, деп телефонды өширди.
Және қоңыраў еттим:
– Иним, яқшы, телефон саған қалсын, бирақ сим картамды қайтар.
– Яқшы, – деди бала, – базарда почта алдындағы телефон будкасына барың. Бутканың үстине сим картаңызды қойып кетемен.
Бардым. Айтылған орыннан сим картаны алып, телефонға салған едим, қоңыраў болды.
– Алдыңыз ба?
– Алдым.
– Яқшы, телефон ушын рахмет.
– Иним, номеримди сақлап қой. Бир күн келип, инсап кирип, телефонымды қайтарғың келип қалса, керек болады, деймен дә.

Арадан бир неше жыллар өтти. Бул ўақыя улыўма есимнен шығып кеткен еди.
Танымайтуғын номерден қоңыраў келди:
– Мен баяғы телефоныңызды урлаған баламан. Телефоныңызды қайтаражақпан, деди.
- Ҳә, инсап кирип қалды ма, дедим.
Ол:
-Сол ўақытта жаслық етиппен, енди туўры жолға түстим. Қаладағы пәлен дүканға барсаңыз, сизге телефоныңызды берип жибереди, деди дә телефонды жапты.
Айтқан мәнзилине бардым.
Сатыўшы алдын телефон номеримди сорады. Телефон номеримди айтқанымнан кейин сатыўшы: Бир жигит аманат деп мына телефонды берип кетти ҳәм сизиң номериңизди айтып: "Усы номердеги адамға берип қойың деди, деп, телефонды қолыма услатты…»


Аллаҳ инсап берсе уры да туўры болады екен

https://t.me/Toqpaq_ata_uz