Get Mystery Box with random crypto!

#ўақыя Қәлбим менен дүньяны көрдим! (Әлбетте оқың!) Быйылғы | Toqpaq_ata_uz

#ўақыя

Қәлбим менен дүньяны көрдим!
(Әлбетте оқың!)

Быйылғы Рамазан ең ыссы күнлерге туўры келди. Ҳаўа барған сарын ысып, аўзымыз қурғап барар еди. Аллаҳға дуўа еттим:
– Я Аллаҳым, Өзиң сабыр бер. Кәўсар суўларынан суў ишип шөллегенимизди бир өмир қандырайық.
Сол ўақытта телефоным шыңғырлап қалды. Аўылдағы ағайинлерден бири екен.
Оның менен сәлемлесип, ҳал-аўҳал сорасып болғанымыздан кейин, ол былай деди:
– Саўабы көп бир ис бар. Сениң қолыңнан келеди, қыласаң ба?
– Әлбетте, қолымнан келсе.
– Рамазандағы кишкене саўап та парыздың саўабындай болады екен. Аўылда бир ағамыздың қызы бар. Аты Ҳәдия. Сегиз жыл алдын көзи көрмей қалып еди. Ата-анасы қызын көрсетпеген жери қалмады. Қалаға сырт елден бир шыпакер келген екен. Сол қызды үйиңе жиберсем, оны сол сырт елли шыпакерге көрсетсең саўап болар еди.
Ағайинимниң бул гәпин еситип атырғанда, күнниң ыссы екенин, өзимниң машқалаларым да аз емес екенин, шыпаханада ораза ҳалымда ыссыда нәўбет күтип турыўымды ойлап, жүрегим артқа тартып кетти. Бирақ «Ағайинниң азары бар, безери жоқ», дегениндей, оның айтқанына «Яқ», дей алмады, тағы бир жағынан Рамазан айы да еди...
Солай етип, ертеңине Ҳәдия деген қыз аўызашардан алдын таксиде үйимизге жетип келди. Дастурханға пәтия оқып болып, ол қыз ҳаялымнан таҳәрат ушын суў сорады. Оның намаз оқыйтуғынын еситип, ҳайран қалдым. Әтирапымызда ден-саўлығы жақсы болса да, намаз оқымайтуғын адамлар жүдә көп, ал бул қыз болса, көзи көрмесе де намаз оқыйман, дейди...
Кеште қуптан намаздан кейин ҳаялым оның менен сөйлесип отырды. Ҳәдия өзиниң өмирин айтып берди:
– Мектепте басланғыш класларда жақсы оқыйтуғын едим, қудағы шүкир ядлаў қәбилетим де жүдә жақсы. Устазларым мени жүдә жақсы көрер еди. Бирақ 12 жасымда көзлерим әззилеп, мектептиң орнына шыпаханаға барыўға мәжбүр болдым. Бир емес үш операцияны бастан өткердим. Бирақ пайдасы болмады. Көзим улыўма көрмей қалды. Қатты түскинликке түсип қалдым, жасағым келмей қалды. Ата-анам меннен де беттер азапланар еди. Ким қандай мәсләҳәт берсе, соны қылар едик.
Бир күни анам бир жерде «деми өткир» палкерди таўып келипти, палкер сөзин еситкенде ақ, ашыў менен оны үйден қуўып салдым. Аллаҳ бул дәртти маған берди ме, демек шыпасын да Өзин береди, дедим анама.
Меҳрибан Аллаҳ дәрт пенен қосып қәлбиме үлкен сабырды да берди.
Кейин район емлеўханасында бираз жаттым. Мудамы Аллаҳ тааладан көзимди ашыўын тиледим.
Анам күнде қасымда бола алмас еди. Соның ушын сол жерде емленип атырған ҳаяллардан бирине мени тапсырып, үйге қайтты.
Сол күни мен жүдә ақкеўил бир ҳаял менен таныстым. Ол маған көмеклесер, қаяққа баражақ болсам, қолымнан жетелеп апарар еди. Ол ҳаялдан көп нәрселерди үйрендим, намаз оқыўды да үйретти, ҳәр қандай ҳалда да Аллаҳға шүкир етиў керек екенин, айтты. Ол ҳаялдың гәплеринен қәлбиме жыллылық киргендей болды. Усы емлеўханада да тәўир болмасам, кейин жасамайман, деп өзиме өзим сөз берип қойған едим. Бул гәплерди еситип бундай ахмақшылықтан қайттым. Өмирге қызығыўшылығым күшейди. Кишкене сүрелерди ядлап дәрриў намаз оқый басладым.
Биринши мәрте басымды сәждеге қойғанымда, өмиримде ушыратпаған ишки туйғылар, сезимлер мени орап алды. Ийманның ләззетин сезе басладым. Ҳәр намаз ўақты кириўин интизарлық пенен күте басладым.
Бир күни ол ҳаял Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўассалам ҳаққында айтып берди. Нәбий алайҳиссалам ҳаққында еситип атырғанымда көзимнен жаслар сел болып ақты. Қәлбимде оған шексиз ҳүрмет пайда болды. Муҳаммад алайҳиссаламды бир мәрте болса да түсимде көриўди арзыў ете басладым. Арзыўымды ол ҳаялға айттым. Ол ҳаял маған салаўат айтыўды үйретти.
Мен пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламды түсимде көрдим.

https://t.me/Toqpaq_ata_uz