Get Mystery Box with random crypto!

#ўақыя Қус уясында көргенин қылады. Несийбели жумыстан қайт | Toqpaq_ata_uz

#ўақыя

Қус уясында көргенин қылады.

Несийбели жумыстан қайтты. Босағаға жеткенде иштен қызының даўысы еситилди. Бүгин шемби болғаны ушын бақшаға бармаған, үйде әжеси менен қалған еди. Ана билдирмей қызы ойнап атырған хана есиги алдына келди-де, қызының ҳәрекетлерин тамашалай баслады. Кишкене қыз ойыншықлары менен ойнар еди. Кишкене бесикшеге қуўыршағын бөлеп, ҳәйю айтар, шийрин сөзлер менен еркелетер еди. Бир мәҳәл басқа бир қуўршағын қолына алды-да, артына шапатылай баслады:
- Саған неше мәрте айттым, оңбаған, кийимлериңди патаслама, деп. Ҳәзирғана кийинтирген едим, дәрриў кир қылыпсаң. Ҳәй, ...., қыз бала да усындай бола ма?

Қызы және бир нәрселерди айтып "ғарғанды", Несийбели лал қалды, енди беске толған қызының бул ҳәрекетлери ананың көзине жас қалқытты...!

Каналымызға ағза болың!
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ