Get Mystery Box with random crypto!

Жүдә гөззал қалады жүрген екенмен. Адамлар бир-бирине жүдә меҳ | Toqpaq_ata_uz

Жүдә гөззал қалады жүрген екенмен. Адамлар бир-бирине жүдә меҳрибан, жүзлеринен нур таралып турар еди. Көзимниң көрмей қалғаны есимде болса да, бирақ көзи ашық адамлардай қала айланып жүрер едим. Сол ўақытта қасымнан жүдә шырайлы бир адам шықты. Ол Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу екен. «Мәрҳаба, хош келдиң, қызым», деди. Мен оған ерип үйине кирдим. Кишкене болса да, жүдә шырайлы үй екен. Мени дастурханның төрине өткерип қойды. Ол жерде аўқатланып болып, кетиўим керек екенин айттым. Әбиў Бәкир «Хош аман-саў бол, мийман!», деп мени ҳаялы менен шығарып салды. «Раҳмет сизге, Әбиў Бәкир! Аллаҳ сизлерден разы болсын», дедим.
Азырақ жүрип бир үйдиң қасына келгенимде, адамлардың: «Әне Аллаҳтың пайғамбары!», деген даўысларын еситтим. Сол жерге қарасам жүзлеринен нур жаўылып Муҳаммад алайҳиссалам келди. Аппақ кийимлери, нур жаўып турған жүзи, еле көз алдымнан кетпейди. Тез қасына барып сәлем бердим. Ол киси әлик алды. Мен оннан:
– Аллаҳтың пайғамбарысыз ба?, деп сорадым.
Ол:
– Аўа, деп жуўап берди. Пайғамбарымыз алайҳиссаламнан ҳақыма дуўа етиўин сорадым. Ол киси күле шырай менен ҳақыма дуўа етти.
Сол ўақтытта оянып кеттим...
Соншелли бахытлы едим, енди көзлеримниң ашылыўына исенер едим. Бир ҳәптелик емлеў таўсылып үйге қайттым. Үйге қайтар екенмен, енди мениң ушын көзимниң қайта ашылыўы екинши дәрежели нәрсе болып қалды.
Кейин Қуран ядлаўға киристим. Оны тынбай оқығым келер еди. Бир жылға жетпестен Қураны кәриймди еситип ядлап алдым. Бирақ көзим ашылмады.
Кейин билсем сол ўақытта Расулуллаҳ алайҳиссалам ҳақыйқый көзимниң ашылыўын емес, қәлб көзимниң ашылыўын дуўа еткен екен. Мине көзиме нуры қайтпаған болса да, қәлбим нурға, Қуранға толды. Енди Қурансыз өмиримди ойлай алмайман. Қурансыз жасай алмайман.
Енди көзим қайта ашылмаса да қапа болмайман. Көзи ашық болса да Аллаҳты танымайтуғынлар қанша. Ал мен дүньяны көре алмайман, бирақ Аллаҳты таныдым.
Бул жерге анамның қыстаўы менен келдим…
Ҳәдияның гәплеринен қатты тәсирлендик. Ҳәдияға үйимизде Рамазан айын өткерип кейин қайтыўын илтимас еттик. Бул Рамазан бизлер ушын усы ўақытқа шекемги Рамазанлардың ең жақсысы болды…
Бул сапарғы емлениўден кейин Ҳәдияның көзлери және көре баслады.

https://t.me/Toqpaq_ata_uz