Get Mystery Box with random crypto!

#мухтасар_сийрат Ҳабибим Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның | Toqpaq_ata_uz

#мухтасар_сийрат

Ҳабибим Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның қысқаша сийраты.

(яд алыў ушын)

(1-бөлим:)

1. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның исми Муҳаммад ҳәм Аҳмад.

2. Ең биринши Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның туўылыўын Ҳәзирети Ибраҳим алайҳиссалам дуўа қылды.

3. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның туўылыўы сегиз яки он яки он екинши Робиъул әўўәл, 22-апрель, 571-миләдий сәне дүйшемби күни субҳи содиқ ўақтында болды.

4. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Бани Ҳашим әўладынан болып, қәўми Қурайш, нәсли Араб.

5. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның әкесиниң аты Абдуллаҳ ҳәм анасының аты Әмина.

6. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның атасының аты Абдулмутталиб, әжесиниң аты Фатима бинти Амр.

7. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ана тәрептен атасының аты Ўаҳб ҳәм ана тәрептен әжесиниң аты Барро.

8. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның әкесиниң қайтыс болыўы жигирма бес жасында болды. Әкесиниң қәбири Мадинаи Мунаўўарада. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам әкеси қайтыс болған ўақытта анасының қарнында еди.

9. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламды туўылғанынан кейин төрт күнге шекем анасы емизди. Кейин бир неше күн Әбиў Ләҳәбтиң шорысы Суўайба, кейин Ҳәзирети Ҳалима разыяллаҳу анҳа емизди. Ҳәзирети Ҳалима разыяллаҳу анҳаның ҳузурында жәми төрт жыл турды. Кейин анасына қайта тапсырды.

10. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам алты жасқа толғанында анасы отыз жасында қайтыс болды. Анасының қәбири Мадинаи Мунаўўарадан Мәккәи Мукаррамаға қарап жүргенде сексен мил узақлыкта Абўа деген жерде.

11. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сегиз жасқа толғанында атасы Абдулмутталиб тоқсан сегиз ҳәм бир сөзге көре бир жүз он жаста қайтыс болды.

12. Ҳәзирети Абдулмутталиб қайтыс болар ўақтында Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламды әкесиниң туўысқаны Әбиў Талибке тапсырған еди. Әбиў Талиб қайтыс болған ўақытта Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қырық тоғыз жас сегиз ай еди.

"Ҳабибим Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның қысқаша сийраты" китабынан.

http://t.me/nasiyatuz