Get Mystery Box with random crypto!

Karakalpakstan.uz

Telegram kanalining logotibi qresministrlerkenesi — Karakalpakstan.uz K
Telegram kanalining logotibi qresministrlerkenesi — Karakalpakstan.uz
Kanal manzili: @qresministrlerkenesi
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 31.69K
Kanalning ta’rifi

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы
Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

2

1 stars

1


Oxirgi xabar 17

2023-04-05 10:23:44
Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары тайынланды

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде шөлкемлестириў мәселесине арналған мәжилис болып өтти. Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басқарып барды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Даулетияров Шухрат Қидирбаевич Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Шухрат Даулетияров усы күнге шекем қурылыс тараўы бойынша жуўапкершиликли лаўазымларда ислеп келген.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
7.4K views07:23
Ochish/sharhlash
2023-04-05 07:53:35
#Дыққат_вакансия

Ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм ҳәким жәрдемшиси вакант лаўазымларына ашық таңлаў жәриялаймыз.

Нөкис районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими:

“Дарсан” МПЖда ҳаял-қызлар белсендиси.

“Дийхан арна” МПЖда ҳаял-қызлар белсендиси;

Елликқала районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими:

“Барҳаёт” МПЖда ҳаял-қызлар белсендиси;

Нөкис қаласы ҳәкимлиги:

“Абат мәкан” МПЖда ҳәким жәрдемшиси;

Елликқала районы ҳәкимлиги:

“Барҳаёт” МПЖда ҳәким жәрдемшиси.

Aрзалар 9-апрель саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.

Каналға ағза болыў
1.1K views04:53
Ochish/sharhlash
2023-04-05 06:05:38
Ахборот 24 | Қуриган Орол ҳудудларига хорижий давлатларнинг 60 га яқин элчилари борди
#4apr #uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram | uztv.tv | TV-dastur
3.5K views03:05
Ochish/sharhlash
2023-04-04 21:56:10
Бир қатар халықаралық шөлкемлер ўәкиллери ҳәм елшилериниң Қарақалпақстанға сапары Нөкис қаласында даўам етти

Халықаралық дәрежедеги делегация ағзалары салтанатлы түрде Нөкис халықаралық аэропортында күтип алынды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Буннан соң сай бойында жайласқан зәўлим бағда шөлкемлестирилген «Сүмелек сейили»нде миллий өнерментшилигимиз үлгилери, халықлар дослығының көриниси есапланған түрли миллет ўәкиллери тәрепинен таярланған композициялар мийманлар нәзерине усынылды.

Айтып өтиў орынлы, республикамыз аймағында көп миллетли халқымыз татыў, жақын дос ҳәм туўысқан болып биргеликте аўызбиршиликли түрде жасап келмекте. Әзелден халқымызға тән болған аўызбиршилик пазыйлети халқымыздың күнделикли өмириниң бир бөлегине айланып, бүгинги күнге шекем қәстерленип келинген.

Буннан соң, мийманларға шығыс дастүрханына тән миллий тағамлар тартылып, пайызлы кеше халықлар дослығын жырлаўшы концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
1.8K views18:56
Ochish/sharhlash
2023-04-04 21:54:39
30-апрель күни Өзбекстанда Конституцияны өзгертиў бойынша референдум болып өтеди.

Референдум өзи не? Референдум қандай өткериледи? Ким референдум өткериў басламасы менен шығыўы мүмкин?

Бул ҳаққында толық видеода.

Каналға ағза болыў
1.1K views18:54
Ochish/sharhlash
2023-04-04 21:54:39
#Я_не_безразлична
#Конституция_наша

—Конституционные реформы являются основой любых изменений, происходящих в нашей стране. Основной закон также гарантирует и обеспечивает эффективное использование возможностей, созданных для молодежи.
---------------
#Men_biyparıq_emespen
#Konstituciya_ózimizdiki

Mámleketimizde ámelge asırılıp atırǵan hár qanday ózgerislerdiń tiykarında Konstituciyalıq reformalar jatadı. Biz jaslar ushın jaratılǵan imkaniyatlardan únemli paydalanıwımızdı da Bas Nızamımız kepilleydi hám támiiynlep beredi.


Malika Polatbaeva,

Samarqand mámleketlik veterinariya medicinası, sharwashılıq hám biotexnologiyalar universiteti Nókis filialınıń 1-kurs studenti

Каналға ағза болыў
1.2K views18:54
Ochish/sharhlash
2023-04-04 19:57:56
Бир қатар халықаралық шөлкемлер ўәкиллери ҳәм 40 тан аслам мәмлекет елшилери Қарақалпақстанға келди

Делегация қатарында 40 тан аслам мәмлекет елшилери, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми раўажланыў бағдарламасы, ЮНЕСКО, ЮНИСЕФ, Халықаралық қызыл атанақ көмитети, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми, Европа қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми ўәкиллери республикамыз аймағына келген болып, мийманларды дәслеп Мойнақ аэропортында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев салтанатлы түрде күтип алды.

Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Б.Саидов қатнасты.

Делегация ағзалары Арал теңизи тарийхы музейи ҳәм ашық аспан астындағы кемелер комплексин барып көрди.

Буннан соң Арал теңизиниң қурыған ултанында жасыл аймақларды пайда етиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, соның қатарында сексеўил ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлер нәллерин ҳәм туқымларын егиў процеси көзден өткерилди.

Ҳүрметли Президентимиздиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына болған сапарында Арал теңизиниң қурыған майданларында «Жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайзарлықларын пайда етиў, аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў, зыянлы дуз ҳәм шаңлардың Арал теңизиниң ултанынан көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде бир қатар тапсырмалар белгилеп берилген болып, усы тийкарда әмелий жумыслар даўам етпекте. Бул әмелий жумыслардың нәтийжесинде 2018-2022-жыллар даўамында жәми 1 млн. 624 мың гектар майданларға шөл өсимликлери егилди.

Арал теңизи майданларына сапар даўамында Арал бойы аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша презентациялар жыйналғанлар нәзерине усынылды. Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, Президентимиз басшылығындағы Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў бойынша әмелий жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
3.3K views16:57
Ochish/sharhlash
2023-04-04 13:41:22
Президент Шавкат Мирзиёев ижтимоий соҳа объектларининг иситиш тизимларини модернизация қилиш чора-тадбирлари юзасидан йиғилиш ўтказди.

Президент Шавкат Мирзиёев провел совещание по мерам модернизации систем отопления в объектах социальной сферы.

#Mirziyoyev #yigilish #isitish #ijtimoiysoha

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
873 views10:41
Ochish/sharhlash
2023-04-03 15:45:09
Бугун 2023 йил 3 апрель куни Хўжайли туманида аҳоли томорқа ерларига картошка экиш бўйича маҳалла фаоллари билан кўргазмали семинар ўтказилди.

Каналға ағза болыў
2.6K viewsedited  12:45
Ochish/sharhlash
2023-04-03 08:20:02
Qilichbozlik: Nargiza Jaksibayeva jahon chempionatida bronza medalni qo'lga kiritdi

Bolgariyaning Plovdiv shahrida o’tayotgan qilichbozlik bo’yicha o’smirlar va yoshlar o’rtasidagi Jahon chempionatini bronza medal bilan boshladik. O’smirlar toifasida kechgan sablya dasturida Nargiza Jaksibayeva bronza medalini qo’lga kiritdi.

Hamyurtimiz saralash bosqichi davomida Gonkong, Ruminiya, Yaponiya, Buyuk Britaniya vakillarini mag’lubiyatga uchratdi. Biroq yarim finalda vengriyalik Emese Domonkosga imkoniyatni boy berib qo’ydi va uchinchi o’rinni egalladi.

Каналға ағза болыў
3.8K views05:20
Ochish/sharhlash