Get Mystery Box with random crypto!

МУРЫНДЫҚ АТА ХӘМ ЕНЕ. Миллий салт-дәстүрлер — тарийхый ески | QAREKEN | Рәсмий канал!

МУРЫНДЫҚ АТА ХӘМ ЕНЕ.

Миллий салт-дәстүрлер — тарийхый ески
процесс. Салт-дәстүр халықтың тиришилик кәсибине, исенимлерине, өмирге, жасау жағдайларына байланыслы пайда болып, қәлиплеседи. Әуладтан әуладқа өтип, өзгерип, жаңарып отырады. Олардың жәмийеттиң рауажланыуы менен биреулери жоғалып, турмыс ушын кереклилери жаңа мазмунға ийе болып, байып отырады.

         Соның ишинде, жаңа қуралып атырған жас шаңарақтың ауыз биршилигин, қәлиплесип, турақлы, беккем шаңарақ болып кетиуи ушын "мурындық ата-ене сайлау" дәстүри жоғалып кетпей, жәмийеттиң рауажланыуы менен жаңа мазмун, жаңа түрге ийе болып киятырған дәстүрлердиң бири.

Ата~ана мурындық ата~ене сайлағанда хәр түрли мақсетлер көзде тутылады: 1.Жас келин-күйеуге ғамхоршы, ақыл-кеңесши болсын деген мәниде; 2.2,3 атаға айланып, алыслап баратырған ағайиннен қол үзип қалмау ушын, сондай ағайинлерден мурындық ата-ене сайлайды.

            Мурындық ата-ене сайлау дәстүри қарақалпақ халқының өзине тән дәстүри болып, басқа қоңсылас халықларда ушыраспайды.

         Мурындық ата-енени көпти көрген, ямаса ақылы, парасаты менен ел арасында абырайлы, үлгили шаңарақ ийелеринен сайлайды.
        
Мурындық ата-енениң өзине тән миннетлери болады. Бириншиден, мурындық ата-ене ортадағы, яғный еки тәрептеги қуда-қудағайлар ортасындағы елши сыпатында жүреди. Буның мәниси: келин-күйеудиң (жас шаңарақта) келиспеушилик шығып қалса, мурындық ата-ене олардың биреуине тәрепдар болып қалмауы керек, екеуине ортақ мәниде ақылын, турмыслық тәжирийбелерди айтып, екеуин ауыз биршиликке шақырады.
Усындай жағдайларға байланыслы келинниң я күйеудиң ата-аналарында түсинбеушилик болса, оларға да теңдей бағытта түсиндириу миннети мурындық ата-енеге жүкленип кетеди.

Егерде ортадағы болып атырған уақыялар шийеленисип баратырса, елдиң жасы үлкенлери менен ойласып, бирликте хәрекет етип, жас шаңарақтың бузылып кетиуиниң алдын алады.

Екиншиден, мурындық ата-ене келин менен күйеудиң өз ата-аналарына  алмай жүрген тилек, өтинишлери ямаса, келин-күйеуге тийисли ғамхорлық мәселелери болса, нәзеринен тыс қалдырмай, ата-анасы менен ойласып шешимин табыуға хәрекет етеди.

         Гейпара уақытларда, қуда-қудағайларда ортадағы қатнасыққа нуқсан келтирип алмауы ушын, бир-бирине қатты айталмайтуғын сөзлери болады. Бундай сөзлер, әлбетте, келинниң я күйеудиң минез-қулқына, әдебине, уқыплылығына байланыслы болады. Сондай уақытта, мәселен: "жаман қыз төркиншил",-дегендей, гейпара келинлер төркинге тез-тез қатнағыш болыуы мүмкин, төркинге барып, жайласып жатып алатуғын жағдайлары болады, мине усындайда мурындық ата-ене келинниң  жатығы менен," Шыққан қыз, шийден тысқары",-дегендей мәниде сыпайылап ескертиулер жасауына туура келеди.

Себеби, турмысқа шыққан қыздың төркининде бир күннен артық қоныуын (айрықша жағдайлар болмаса) халқымыз ерси көрип, әдепсизликке санаған. Бул еки тәрептиң де ел алдындағы абырайын төменлететуғын ис.

          Мурындық ата-енениң буннан басқа да миннетлери көп, сол ушында, буған жууапкершилик пенен қарап: "Мурындық ата-ене болып, тек үш шаңараққа дейин сайланады",-деген сөз бар.

          " Ас көп болса, қәде көп болады",-дегендей, хәзирги мурындық ата-енелердиң миннетлери ауырласып кетти. Оны жеңиллетиу, артық ысырапгершиликке жол қоймау, жас шаңарақ ата-аналары менен бирликте шешилип барыуы керек.

Мәселен, жаңа түскен келинди, "қызын шақырыу"да, оның бир өзин шақырып қоймай, ата-енеси, ата-анасы, басқа тууысқанлар қосып шақырылып, соған ылайық дәстурхан жайылып, қонақ етип күтиледи, келген қонақларға сарпайлар берилиуи керек. Мине усындайда, жеңиллетиу жолларын өз-ара келисим менен шешеди.

           Турмыс қурып атырған жасларға мурындық ата-енеси" әке, шеше",-деп есапланып, олардың балалары "аға, ини, апа, сиңли" болады. Өз ата-аналарына, тууысқанларына қандай хүрмет етсе, мурындық ата-ене хәм олардың шаңарағына сондай хүрмет көрсетеди.

Автор: Shahzoda Allamuratova
.
@qareken