Get Mystery Box with random crypto!

MAKAN.UZ

Telegram kanalining logotibi makan_uz — MAKAN.UZ M
Telegram kanalining logotibi makan_uz — MAKAN.UZ
Kanal manzili: @makan_uz
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 24
Kanalning ta’rifi

18
Makan.uz - Өзбекстанда ҳәм дүнья жүзинде болып атырған ўақыялар бойынша халыққа исенимли мағлыўмат беремиз.
Мүрәжат жоллаў: @makanuzbot
Реклама ушын: @tek_reklamabot
Аудио хабарлар: @makanuzFM

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 13

2022-06-16 12:30:44
«Такси Эконом» компаниясы автотранспорт басқарсыўшыларын бирге ислеўге шақырады! Программаға қосылыў БИЙПУЛ, басламасына 10 000 сум салып беремиз.

Мағлыўмат ушын телефонлар: 913014444, 933644444, 913019999, 913029999, 933689999

Реклама
18.8K views09:30
Ochish/sharhlash
2022-06-16 12:02:42
Нөкис районы орайынан өтиўши жол кеңейтилип атыр

Нөкис районы аймағынан өтиўши Республикалық әҳмийетке ийе 4 Р-175 «Нөкис-Ақманғыт-Кегейли-Шымбай-Қазақдарья аўылы» автомобиль жолының 15-18-км аралығы кеңейтилип, жаңадан асфальт төселип атыр. Сондай-ақ, түнги жақтыландырыўшы шырақларды орнатыў, пиядалар жолларын қурыў жумыслары басланған.

Буннан тысқары Реабилитация орайына алып барыўшы жол жаӊадан асфальтланды.

Қарақалпақ Автожол

@makan_uz
19.8K views09:02
Ochish/sharhlash
2022-06-16 11:13:57
Магистратурада оқыйтуғын барлық ҳаял-қызлардың төлемли контракт муғдары мәмлекетлик бюджет есабынан қапланады

https://makan.uz/kk/article/21874

@makan_uz
20.8K views08:13
Ochish/sharhlash
2022-06-16 11:13:57
Рәсмий: оқыўды көшириў бойынша жаңа тәртип белгиленди

https://makan.uz/kk/article/21872

@makan_uz
19.9K views08:13
Ochish/sharhlash
2022-06-16 11:01:51
«TUMARIS» «EVRO STROY» «GRAND STROY» саўда орайларынан МЕГА АКЦИЯ!

Енди дүкәнларымыздан саўда ислең ҳәм қосымша саўғаларға ийе болың!

Сиз бизиң дүкәнларымыздан:
* Қурылыс өнимлерин;
* Электрон буйымлар;
* Сантехника буйымларын;
* Әсбап-үскенелер;
* «Кафель» ҳәм «гранит»лер;
* «Ламинат»лар;
* «Люстра»ларды тапсаңыз болады.

Акция 5-июньнен 31-июльге шекем даўам етеди.
Сатып алынған өнимлер 300 000 сумнан өтсе, апарып бериў БИЙПУЛ болады!

Телефонлар: 913015232, 975089690, 883532198.

Реклама
19.8K views08:01
Ochish/sharhlash
2022-06-16 10:43:20
Жоқары оқыў орынларына кириўде берилетуғын айырым жеңилликлер бийкар етилиўи күтилмекте

Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов мәлим етти.

«Бүгин мектепти питкерген ҳәр 10 оқыўшының төртеўи Өзбекстандағы ЖООларда оқыў мүмкиншилигине ийе. Солай екен, биз алдын берилген жеңилликлерди қайта көрип шығыўымыз керек.

Бул оқыў жылында биз жеңилликлерди инвентаризация етемиз. Мен олардың санын айтажақ емеспен, олардың саны көп. Биз кейинги оқыў жылынан баслап өз өмирин жасап болған жеңилликлерден ўаз кешемиз.

Улыўма, билимлендириў ҳәм исбилерменликке жеңилликлер берилип атырғанда жүдә көп критериялар есапқа алыныўы керек», — дейди Тошқулов.

KRuz.uz
20.2K views07:43
Ochish/sharhlash
2022-06-16 09:47:50
Изертлеўлерге бола, ҳаўаның патасланыўы өмир даўамлылығын еки жылға қысқартып атырған болыўы мүмкин

Бул ҳаққында «Daryo.uz» жазды.

@makan_uz
20.7K views06:47
Ochish/sharhlash
2022-06-16 09:41:37
Абдулазиз Камилов жаңа лаўазымға тайынланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманы менен Президент жанындағы Қәўипсизлик кеңеси хаткериниң сыртқы сиясат ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша орынбасары Абдулазиз Ҳафизович Камилов Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыртқы сиясат мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили лаўазымына тайынланды.

@makan_uz
20.8K views06:41
Ochish/sharhlash
2022-06-16 09:31:23
АЛДЫН АЛЫҢ - КЕЙИН ТӨЛЕҢ

22 жастан 75 жас аралығындағы пуқаралар өзине керек болған үй-буйымларын 3,6,9,12,15,24 айға шекем бөлип төлеўге алыўына болады.

Егер атыңызда пластик карта болмаса, дүкәнниң өзи менен шәртнама дүзип, өнимлерди 6 айға шекем бөлип төлеўге алыўыңызға болады.

Мүддетли төлем менен бизиң өнимлеримизди Республикамыздың барлық район турғынлары алыўына болады.

Толық мағлыўмат ушын: 612240077


https://t.me/nukus_art_premium

Реклама
20.8K views06:31
Ochish/sharhlash
2022-06-16 09:12:09
Бизде пуқара ҳәм мәмлекет мүнәсибетиндеги қарама-қарсылық ҳәм анық емесликлерди тәртипке салатуғын нормалар бар ма?

Юридика илимлери докторы, ТМЮУ профессоры Ихтиёр БЕКОВ:

«Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамда сол сыяқлы жағдайлар пайда болатуғын болса, ҳәр қандай гүманлар исбилерменниң пайдасына шешилиўи 11-статьяда айрықша белгилеп қойылған.

Салық кодексинде де соған уқсас қағыйдалар бар — нызамшылықта нәзерде тутылмаған таза қарама-қарсылықлар келип шығатуғын болса, салық төлеўшиниң пайдасына шешилиўи керек.

Жынаят -процессуал кодексинде де соған жақын, мысалы, айыпсызлық презумпциясына тийисли нормаларды ушыратыў мүмкин.

Пуқараларымыз сол сыяқлы қағыйдаларды Конституция дәрежесинде белгилеў, конституциялық норма ямаса конституциялық принцип сыпатында киргизиўди усыныс етпекте.

Makan.uz
21.2K viewsedited  06:12
Ochish/sharhlash