Get Mystery Box with random crypto!

Жоқары оқыў орынларына кириўде берилетуғын айырым жеңилликлер | MAKAN.UZ

Жоқары оқыў орынларына кириўде берилетуғын айырым жеңилликлер бийкар етилиўи күтилмекте

Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов мәлим етти.

«Бүгин мектепти питкерген ҳәр 10 оқыўшының төртеўи Өзбекстандағы ЖООларда оқыў мүмкиншилигине ийе. Солай екен, биз алдын берилген жеңилликлерди қайта көрип шығыўымыз керек.

Бул оқыў жылында биз жеңилликлерди инвентаризация етемиз. Мен олардың санын айтажақ емеспен, олардың саны көп. Биз кейинги оқыў жылынан баслап өз өмирин жасап болған жеңилликлерден ўаз кешемиз.

Улыўма, билимлендириў ҳәм исбилерменликке жеңилликлер берилип атырғанда жүдә көп критериялар есапқа алыныўы керек», — дейди Тошқулов.

KRuz.uz