Get Mystery Box with random crypto!

Бизде пуқара ҳәм мәмлекет мүнәсибетиндеги қарама-қарсылық ҳәм | MAKAN.UZ

Бизде пуқара ҳәм мәмлекет мүнәсибетиндеги қарама-қарсылық ҳәм анық емесликлерди тәртипке салатуғын нормалар бар ма?

Юридика илимлери докторы, ТМЮУ профессоры Ихтиёр БЕКОВ:

«Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамда сол сыяқлы жағдайлар пайда болатуғын болса, ҳәр қандай гүманлар исбилерменниң пайдасына шешилиўи 11-статьяда айрықша белгилеп қойылған.

Салық кодексинде де соған уқсас қағыйдалар бар — нызамшылықта нәзерде тутылмаған таза қарама-қарсылықлар келип шығатуғын болса, салық төлеўшиниң пайдасына шешилиўи керек.

Жынаят -процессуал кодексинде де соған жақын, мысалы, айыпсызлық презумпциясына тийисли нормаларды ушыратыў мүмкин.

Пуқараларымыз сол сыяқлы қағыйдаларды Конституция дәрежесинде белгилеў, конституциялық норма ямаса конституциялық принцип сыпатында киргизиўди усыныс етпекте.

Makan.uz