Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақтың Күйеў Баласы

Telegram kanalining logotibi krmakarenko — Қарақалпақтың Күйеў Баласы Қ
Telegram kanalining logotibi krmakarenko — Қарақалпақтың Күйеў Баласы
Kanal manzili: @krmakarenko
Toifalar: Iqtisodiyot
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1.72K
Kanalning ta’rifi

"Макаренко Эффекти" каналының қарақалпақ версиясы

Автор: Никита Макаренко
Аўдармашы: Ондасын Султанов
Өзбек тилинде оқың: @makarenko_uz
Орыс тилинде оқың: @makarenko_channel
FB: http://shorturl.at/enA27
Inst: http://shorturl.at/ajvRT

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

2

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 2

2022-12-28 17:54:33
​Және де Сирдарьядан тағы бир жаңалық! Екинши класс оқыўшысы күшикти қутқарыў ушын трансформатор кабинасына шыққан ҳәм жанып кеткен баланы еслейсиз бе? Хасан Абдурахманав.

Мен оны табыўға ҳәрекет еттим. ҳәм ақыр-ақыбетде таптым! Анасы ҳәм апасы менен сәубетлестим. Ол еле да емленип атыр. Аўыр күйиўлер бар.

Егер биз оларға емлениў ушын пул жиберсек, бул әжайып болады - ҳәм Ҳасанға жаңа жыл сыйлықлары ушын да. Бизде ҳайўанларды жақсы көриўге ҳәрекет ететуғын адамлар жүдә кем ҳәм оларды жоқ ететуғынлар жүдә көп...

8600314116796881
Nargiza Boymatova

@krmakarenko
1.5K viewsedited  14:54
Ochish/sharhlash
2022-12-28 16:24:32 Сирдарья ўәлаяты ҳәкимлиги баспасөз хаткери маған қоңыраў қылы. Ол қайиқтағы қыздың жағдайын түсиндирди.

Дәрьяның бир жағында Ташкент ўәлаятының Бекабад районы жайласқан. Ол жерде тек үш шаңарақ жасайды. Қыз солардың биринде жасайды. Олардан Бекабадға шекем 30 км. Транспорт жоқ. Оларда машиналар жоқ.

Сол себепли ол дарья бойлап Сирдарья ўәлаятына жүзип барады ҳәм Гүлистан районындағы мектепке барады.

Ҳеш ким Сирдарья үстинен уш шаңарақ ушын көпир қурмайды. Усыныс соннан ибарат: Ташкент ўәлаяты қаржы таўып, бул қызды мектепке машинада алып барыўы керек. Ҳәр күни.

Ойымша, бизлердиң бай республикамыз оның ушын қаржы таўа алады. Соған үмит етемен.

@krmakarenko
1.5K views13:24
Ochish/sharhlash
2022-12-28 15:15:02 Банкте: Арза бериң. Аўа, яқшы. Бирақ сиз арзаңыз ушын өзиңиздиң приложениеңизден пул төлей алмайсыз. Кассада нәўбетте туриң.

Касса : саат 16. 00 дан кейин биз карталарды қабыл етпеймиз. Өзимиздиң банкимиздиң картасын да! Приложениелерди қабыл етпеймиз. Нақ пул алып жүриң. Headshot басына.

@krmakarenko
1.5K views12:15
Ochish/sharhlash
2022-12-28 15:04:59
​Японияның Хоккайдо атаўындағы Ками-Сиратаки темир жол станциясы тек бир жолаўшы ушын ислеген.

Темиржол хызметкерлери оны жаўажақ болған. Бирақ мектеп оқыўшысы станцияда жасап атырғанын билип, олар пикирлерин өзгерткен. Поездлар бул станцияда күнине еки рет түрли ўақытларда тоқтап турған — қыздың сабағына қараған.

2016 жыл март айында қыз мектепти питкерди ҳәм станция жаўылды.

@krmakarenko
1.5K views12:04
Ochish/sharhlash
2022-12-28 14:55:26 Ал енди көз алдыңызға келтирип көриң, ол, бахытсыз, мектепке қайиқда жүзип барады. Ал ол жерде болса:

- Ыссылық жоқ
- Сабақлықлар жоқ
- Ҳәжетханалар жоқ
- Оқытыўшылар басқа жерде
- Азық-аўқатты қурылысшылар урлаған
- Столларды РайХББ басып өтти
- Улыўма сабақлар жоқ, себеби прокуратурадан комиссия келди

Буннан кейин қыздың жағдайы : " Эхх". Буннан кейин артына жүзип кетеди.

@krmakarenko
1.4K views11:55
Ochish/sharhlash
2022-12-28 14:43:50 ​Кеше журналистлер менен бул видеоны көрдик ҳәм бул Өзбекстан екенлигине исенбедик. Бул алдаў ушын Қытайдың қандайда бир жеринде видеоға алынған деп ойладық. Ҳеш ким баспа етип отырмады. Бирақ бүгин бул қызды таўдық. Ол Сирдарьядп жасайды. Дүйшемби күни ол мектепке қайиқда жалғыз өзи жүзип барады, ал шемби күни болса қайтып келеди.

" Әй, бирақ қайиқда жүзиў-улыўма қыйын емес", деди қыз Сирдарья ўәлаяты ҳәкимине.

Цитата : " Әмелдарлар шаңарақ ағзалары менен сәўбетлести ҳәм дәрьядан қаўипсиз өтиў  бойынша усыныслар берди"

Мен буны усыныс етемен: жергиликли Район ХББ баслығы бәрибир бийталап  ҳәм парахор шыгар. Ҳәр дүйшемби күни ол ескеклерди алып, қызды алып барып кейин алып келсин. Ҳеш болмағанда оның турмысында қандайда бир мәнис болады. Жолда балық ҳәм сазанлардан пара алса да болады.

@krmakarenko
1.4K viewsedited  11:43
Ochish/sharhlash
2022-12-28 14:10:59 ​Аўа, идеал жәмийетте ҳәм мәмлекетте жетим балалар менен өз жумысының маманы болған социаллық шөлкемлер шуғылланыўы керек . Көпшилик жаңа министрликлер дизиминде узақ кутилген Жәмийетти қорғаў министрлигин көрмегенинде жүдә хайран қалды.

Бирақ ҳәзирше Миллий гвардия, Меҳрибанлық үйлери оқыўшыларына бахытлы балалықты шөлкемлестириў ушын қолынан келгенинше ҳәрекет қылып атыр. Бүгин мен олардың белсендилиги менен таныстым. Ташкентте ең жоқарғы класс үскенелери пенен тәмийинленген жаңа әжайып Психологиялық жәрдем орайы ашылды. Балалар менен шуғылланатуғын психологлар ҳәм оқытыўшылар жәмийти бар. Олардың барлығы жүдә жаксы.

Бүгин Ташкентдеги қалған уш балалар үйинен келген балалар ушын (қалғанлардың ҳәммеси жабылды ) Гвардия өзгеше жаңа жыл байрамын өткерди. Барлық балалар ҳәр қыйлы қызықарлы кәсиплерди таңлады ҳәм олар менен баристалар, робототехникалар ҳәм спортшылар шуғылланды. Мен өзимниң киши үлесимди қосқанымнан ҳәм балаларды жанлы музыка менен таныстырганымнан қуўанышлы болдым.

Барлығы итибарлы кеўиллилер арқасында болып атыр. Сизлерге бәри бир емеслиги ушын рахмет!

@krmakarenko
1.5K viewsedited  11:10
Ochish/sharhlash