Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақтың Күйеў Баласы

Telegram kanalining logotibi krmakarenko — Қарақалпақтың Күйеў Баласы Қ
Telegram kanalining logotibi krmakarenko — Қарақалпақтың Күйеў Баласы
Kanal manzili: @krmakarenko
Toifalar: Iqtisodiyot
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1.72K
Kanalning ta’rifi

"Макаренко Эффекти" каналының қарақалпақ версиясы

Автор: Никита Макаренко
Аўдармашы: Ондасын Султанов
Өзбек тилинде оқың: @makarenko_uz
Орыс тилинде оқың: @makarenko_channel
FB: http://shorturl.at/enA27
Inst: http://shorturl.at/ajvRT

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

2

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar

2022-12-30 16:47:26 Таң қалдыратуғын жаңалықлар.

Мен ушын қәдирли болған еки санаат - туризм ҳәм мәденият пенен хошласпақшыман.

Хош болың. Rest in peace. Бул бизлер ушын емеске уқсайды.

@krmakarenko
982 views13:47
Ochish/sharhlash
2022-12-30 16:42:04 Озодбек Назарбеков -Туризм ҳәм мәденият министри.

Азиз Абдухакимов -Тәбийий ресурслар министри.

Хилола Умарова - Мектеп ҳәм мектепге шекемги билимлендириў министири.

Шерзод Кудбиев - Экономика ҳәм қаржы министри

@krmakarenko
1.0K views13:42
Ochish/sharhlash
2022-12-30 13:18:32 Басқа тараўларда да усындай тәртип болыўы керек. Қаржышы ҳәм салықшы қаржы ҳәм салықлар менен шуғылланыўы керек.

Ең анық мысаллардан бири. Бехзод Мусаев - Ден саўлықты сақлаў министри лаўазымына онша ылайықлы емес. Шыпакер емес, медицина менен де шуғылланбайды.

Бул жерге өз тараўының қәнийгесин қойыў керек, ал оған басқа тапсырманы бериў керек.

@krmakarenko
1.2K views10:18
Ochish/sharhlash
2022-12-30 12:06:26 Бахтиёр Саидов Халық билимлендириў министри лаўазымынан азат етилип,  Сыртқы ислер министри ўазыйпаларын орынлаўшы лаўазымына бекитилди.

Әжайып шешим. Дипломат дипломат болыўы керек. Бахтиёр Саидовға мәмлекетимиз раўажланыўында табыслар тилеймен!

@krmakarenko
1.7K views09:06
Ochish/sharhlash
2022-12-29 10:01:19
Жаңа сабақлықлардың арасында қарақалпақ тилинде бөлек китаплар бар.

@krmakarenko
1.8K viewsedited  07:01
Ochish/sharhlash
2022-12-29 09:57:33 Шавкат Мирзиёев: комиссиялар, РайонХББ, ҚалаХББ, УәлаятХББ - бул гөнерген система. Бизлерге баскаша, креатив жандасыў керек.

@krmakarenko
1.7K views06:57
Ochish/sharhlash
2022-12-29 09:53:38
​Басланғыш мектепте жаңа система бойынша билим алыў баланың төрт көнликпелерин раўажландырыўға итибарды қаратыў жобаластырылып атыр :

Байланыс. Бала сәўбетлесе алыўы керек, мағлыўматты сорап ҳәм оны алып билиўи керек.

Шериклик. Балалар жәмийетке қосылып билиўи керек, жарата алыўы, дөретиўи ҳәм биргеликте үйрениўи керек.

Дөретиўшилик. Ҳәр бир баланың уқыпы анықланыўы ҳәм раўажланыўы керек.

Сын пикирлеў. Бизлерге қарсылықсыз бойсынатуғын "аламан" керек емес. Ғәрезсиз пикир жүритетуғын шахслар керек. Бала мағлыўматты гүман астына қойып билиўи ҳәм жеке жуўмақларын шығарып билиўи керек.

@krmakarenko
1.7K views06:53
Ochish/sharhlash
2022-12-29 09:38:12
​Буллингтиң әдеттеги жағдайы, оны анализ етип, оқытыўшы балалар менен шешим излейди.

Мектеп қолайлы ҳәм қәўипсиз жергн айланыўы керек. Бала ол жерге өзиниң қәлеўи менен барыўы керек. Мектепти жақсы көри​п қалыўы керек.

@krmakarenko
1.5K views06:38
Ochish/sharhlash
2022-12-29 09:33:30
​Жаңа модел төмендеги пәнлерди усыныс етеди. 1-класста оқытыў төмендеги пәнлер бойынша басланады :

Технология
Көркем өнер 
Ана тили
Тәрбийе
Музыкалық саўатханлық
Дене тәрбиясы
Тәбияттаныў
Информатика
Математика

Екинши класста өзбек тили болмаған балалар ушын "Өзбек тили " қосылады. 4-класста " Финанслық саўатханлық" пәни қосылады.

Барлық класслардың сабақлықларында биринши рет турмыслық жағдайларды анализ қылыў арқалы әмелге асырылатуғын анық антибуллинг сиясаты пайда болды.

@krmakarenko
1.7K views06:33
Ochish/sharhlash
2022-12-29 09:23:21
​Бүгин мектеп билимлендириўинде реформалар күни. Көп жаңалықлар болады. Ҳәзир ғана Конгресс-холлда Өзбекстан президенти Шавкат Мирзиёев мектеплеримиздиң 1-4-класслары ушын жаңа оқыў модели презентациясы менен танысты, усы күнлерде пүткил мәмлекет бойлап 14 тәжрийбе мектебинде аппробация енгизилиўи даўам етпекте. Соның менен бирге, ол оқытыўшылар менен де ушрасты.

Мен де усы жердемен, ҳәм презентацияны көриўге ерисе алдым. Кейинги постда мен жаңа пәнлердиң  дизимин жазаман. Олар ушын сиз көптен берли еситкен улыўма жаңа сабақлықлар ислеп шығылған. Сабақлықлар әжайып ҳәм улыўма басқаша жандасыўға ийе. Пикиримше, программа биринши нәубетте баланың өзлигин социалластырыў, тәрбиялаў ҳәм раўажландырыўға қаратылған. Ал тек ғана билим ағымы ушын емес.

Муқабасында октябрь жазыўлары менен оралған совет Әлипбесин жыллылық пенен еследим. Перзентлеримиз пүткиллей басқа дәрежедеги жеңилликлерге ийе болыўынан қуўанышлыман.

@krmakarenko
1.6K viewsedited  06:23
Ochish/sharhlash