Get Mystery Box with random crypto!

​Аўа, идеал жәмийетте ҳәм мәмлекетте жетим балалар менен өз жу | Қарақалпақтың Күйеў Баласы

​Аўа, идеал жәмийетте ҳәм мәмлекетте жетим балалар менен өз жумысының маманы болған социаллық шөлкемлер шуғылланыўы керек . Көпшилик жаңа министрликлер дизиминде узақ кутилген Жәмийетти қорғаў министрлигин көрмегенинде жүдә хайран қалды.

Бирақ ҳәзирше Миллий гвардия, Меҳрибанлық үйлери оқыўшыларына бахытлы балалықты шөлкемлестириў ушын қолынан келгенинше ҳәрекет қылып атыр. Бүгин мен олардың белсендилиги менен таныстым. Ташкентте ең жоқарғы класс үскенелери пенен тәмийинленген жаңа әжайып Психологиялық жәрдем орайы ашылды. Балалар менен шуғылланатуғын психологлар ҳәм оқытыўшылар жәмийти бар. Олардың барлығы жүдә жаксы.

Бүгин Ташкентдеги қалған уш балалар үйинен келген балалар ушын (қалғанлардың ҳәммеси жабылды ) Гвардия өзгеше жаңа жыл байрамын өткерди. Барлық балалар ҳәр қыйлы қызықарлы кәсиплерди таңлады ҳәм олар менен баристалар, робототехникалар ҳәм спортшылар шуғылланды. Мен өзимниң киши үлесимди қосқанымнан ҳәм балаларды жанлы музыка менен таныстырганымнан қуўанышлы болдым.

Барлығы итибарлы кеўиллилер арқасында болып атыр. Сизлерге бәри бир емеслиги ушын рахмет!

@krmakarenko