Get Mystery Box with random crypto!

Салмақ өлшеў пунктлери жумыс баслады Қарақалпақстан Республик | Joqarǵi keńes.uz

Салмақ өлшеў пунктлери жумыс баслады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен Беруний районы аймағынан өтиўши А-380 автомобиль жолының 661 км. хәмде Әмиўдәрья районы аймағындағы 4р-160А автомобиль жолының 0,6 км. де салмақ өлшеў пунктлерин (тәрези) шөлкемлестириў жумыслары жуўмақланды. Бул салмақ өлшеў пунктлерин шөлкемлестириўден мақсет республикамыз аймағындағы автомобиль жолларында ҳәрекетлениўши аўыр жүк автотранспортларының салмағын қадағалап барыўдан ибарат.

Салмақ өлшеў пунктлери жәрдеминде буннан былай көрсетилген нормадан артық жүк артқан автотранспорт қураллары автомобиль жолларында ҳәрекетлениўине руқсат етилмейди. Бул әлбетте жолларымыздың узақ мүддет хызмет етиўин тәмийинлеп, тез-тезден оңлаўға мүтәж болып қалыўының алдын алады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter