Get Mystery Box with random crypto!

Қутлықлаў! Ҳүрметли шыпакерлер, медицина тараўы хызметкерлери | Joqarǵi keńes.uz

Қутлықлаў!

Ҳүрметли шыпакерлер, медицина тараўы хызметкерлери!

Ең дəслеп, Сизлерди ҳәр жылы елимизде кең түрде белгиленип киятырған кәсиплик байрамыңыз – «Медицина хызметкерлери күни» менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлайман.

Халқымыздың саламатлығын сақлаўдай жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жолда өзин аямай, пидәкерлик пенен мийнет етип атырған сиз әзизлердиң мийнетиңизди халқымыз жақсы биледи.

Қәдирли дослар!

Биз Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири ҳәм мәплерин тәмийинлеўди өз алдымызға ийгиликли мақсет етип қойған екенбиз, бул жолда халқымыз саламатлығын беккемлеў ең əҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири болыўы тәбийғый. Сондай-ақ, саламатлық пасбанларының аўыр ҳәм жуўапкершиликли мийнетлерин мүнәсип қәдирлеў, олардың өз кәсибине болған сүйиспеншилигин арттырыў мәселеси барқулла мәмлекетимиздиң дыққат итибарында.

Ҳүрметли тараў пидайылары!


Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, халқымыздың саламатлығын қорғаў жолында алып барып атырған ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймиз!

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter