Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили ҳаққында нелер | Удален

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили ҳаққында нелерди билемиз???

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик тили ҳаққындағы нызамы 1996-жылы 18-сентябрде 197/I (жаңа редакцияда) қабыл қылынған.

  Қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили болып табылады.

Қарақалпақ ҳәм өзбек тиллерине мәмлекетлик тил статусының берилиўи республика аймағында жасап атырған миллетлер ҳәм халықлардың өз ана тилин пайдаланыўында конституциялық ҳуқықларын кемситпейди.

  Қарақалпақстан Республикасының аймағында қарақалпақ ҳәм өзбек тиллериниң мәмлекетлик тил сыпатында ҳәрекет етиўиниң ҳуқықый тийкарлары усы нызам ҳәм басқада Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының нызам актлери менен белгиленеди.
Бул нызам тиллерди турмыста, өз-ара қатнаста ҳәм диний және  сыйыныўшылық салт-дәстүрлерин атқарыўда пайдаланыўды тәртиплестирмейди.
Пуқаралар миллетлер аралық қатнасық тилин өзлериниң қәлеўинше таңлап алыў ҳуқықына ийе болады.

Кәрханаларда, мәкемелерде, шөлкемлерде ҳәм жәмийетлик бирлеспелерде ис жүргизиў, есап-статистикалық ҳәм финанслық ҳүжжетлер мәмлекетлик тилди билмейтуғын жамәәтлерде мәмлекетлик тил менен менен бир қатарда басқада тиллерде әмелге асырылыўы мүмкин.

Yurist_Auezbekov