Get Mystery Box with random crypto!

#Сораған едиңиз Тийкарында қарыз алды-бердиси ҳаққындағы т | Удален

#Сораған едиңиз

Тийкарында қарыз алды-бердиси ҳаққындағы тилхат алдаўшылық мазмунын беретуғын қылып мәжбүрий тәризде жаздырып алынса, буны қандай анықлаў мүмкин?

Жуўап: Әўелембар, буны гүўалардың көрсетпелери, видео-аудио жазыўлар киби дәлиллер арқалы анықлаў мүмкин.

Буннан тысқары, тилхаттағы текст ҳәм имза қандайда бир шахстың мәжбүрий психологиялық яки физикалық басым шараятында жаздырып алынғанлығын суд-хаттаныўшылық экспертизасын өткизиў арқалы да анықланса болады.

Усы түрдеги экспертиза өткизиўши экпертлер алдына, " Қолда жазылған тилхат (текст яки имза) қолайсыз шараятта (сыртқы факторлар), жазыўшының қолайсыз жағдайында (психологиялық яки физикалык) жазылғанба? деген сораў қойылса, дурыс болады.

Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексиниң 173-статьясы 1-бөлиминде 9 жағдайда экспертиза тайынлаў ҳәм өткизиў шәрт делинген.

Статьяның 2-бөлиминде, ис ушын әҳмийетке ийе болған басқа жағдайларды анықлаўда да, егер буның ушын арнаўлы билимлерди қоллаў зәрүр болса ҳәм бул жағдайлар дәлиллениўдиң басқа қураллары менен пухта анықланбаған болса, экпертиза өткизиў шәрт деп белгиленген.

Сондай екен, ҳақыйқатты анықлаўда экпертиза имканиятларынан пайдаланыўды усыныс етемиз.

Yurist_Auezbekov