Get Mystery Box with random crypto!

Удален

Telegram kanalining logotibi galstuk_uz_rasmiy — Удален У
Telegram kanalining logotibi galstuk_uz_rasmiy — Удален
Kanal manzili: @galstuk_uz_rasmiy
Toifalar: Qarzlar, soliqlar va qonunlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 2
Kanalning ta’rifi

•Пайдалы ҳуқықый мағлыўматлар
• Мақсетимиз: Халқымызға пайдамызды тийгизиў
Юридик консультация: @abdibek_auezbekov

Ratings & Reviews

4.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar

2022-10-31 15:15:36
Нызам афоризмлери

Тергеўшиниң басланғыш точкасы жынаятшының қәтеси. Адвокат ушын басланғыш точка - тергеўшиниң қәтеси.

Yurist_Auezbekov
114 viewsАбдибек Аўезбеков, 12:15
Ochish/sharhlash
2022-10-31 15:07:41 Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили ҳаққында нелерди билемиз???

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик тили ҳаққындағы нызамы 1996-жылы 18-сентябрде 197/I (жаңа редакцияда) қабыл қылынған.

  Қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили болып табылады.

Қарақалпақ ҳәм өзбек тиллерине мәмлекетлик тил статусының берилиўи республика аймағында жасап атырған миллетлер ҳәм халықлардың өз ана тилин пайдаланыўында конституциялық ҳуқықларын кемситпейди.

  Қарақалпақстан Республикасының аймағында қарақалпақ ҳәм өзбек тиллериниң мәмлекетлик тил сыпатында ҳәрекет етиўиниң ҳуқықый тийкарлары усы нызам ҳәм басқада Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының нызам актлери менен белгиленеди.
Бул нызам тиллерди турмыста, өз-ара қатнаста ҳәм диний және  сыйыныўшылық салт-дәстүрлерин атқарыўда пайдаланыўды тәртиплестирмейди.
Пуқаралар миллетлер аралық қатнасық тилин өзлериниң қәлеўинше таңлап алыў ҳуқықына ийе болады.

Кәрханаларда, мәкемелерде, шөлкемлерде ҳәм жәмийетлик бирлеспелерде ис жүргизиў, есап-статистикалық ҳәм финанслық ҳүжжетлер мәмлекетлик тилди билмейтуғын жамәәтлерде мәмлекетлик тил менен менен бир қатарда басқада тиллерде әмелге асырылыўы мүмкин.

Yurist_Auezbekov
131 viewsАбдибек Аўезбеков, 12:07
Ochish/sharhlash
2022-10-31 07:04:47 #Сораған едиңиз

Тийкарында қарыз алды-бердиси ҳаққындағы тилхат алдаўшылық мазмунын беретуғын қылып мәжбүрий тәризде жаздырып алынса, буны қандай анықлаў мүмкин?

Жуўап: Әўелембар, буны гүўалардың көрсетпелери, видео-аудио жазыўлар киби дәлиллер арқалы анықлаў мүмкин.

Буннан тысқары, тилхаттағы текст ҳәм имза қандайда бир шахстың мәжбүрий психологиялық яки физикалық басым шараятында жаздырып алынғанлығын суд-хаттаныўшылық экспертизасын өткизиў арқалы да анықланса болады.

Усы түрдеги экспертиза өткизиўши экпертлер алдына, " Қолда жазылған тилхат (текст яки имза) қолайсыз шараятта (сыртқы факторлар), жазыўшының қолайсыз жағдайында (психологиялық яки физикалык) жазылғанба? деген сораў қойылса, дурыс болады.

Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексиниң 173-статьясы 1-бөлиминде 9 жағдайда экспертиза тайынлаў ҳәм өткизиў шәрт делинген.

Статьяның 2-бөлиминде, ис ушын әҳмийетке ийе болған басқа жағдайларды анықлаўда да, егер буның ушын арнаўлы билимлерди қоллаў зәрүр болса ҳәм бул жағдайлар дәлиллениўдиң басқа қураллары менен пухта анықланбаған болса, экпертиза өткизиў шәрт деп белгиленген.

Сондай екен, ҳақыйқатты анықлаўда экпертиза имканиятларынан пайдаланыўды усыныс етемиз.

Yurist_Auezbekov
229 viewsАбдибек Аўезбеков, edited  04:04
Ochish/sharhlash
2022-10-31 07:04:47
Қарыз бергенде итибарға алыуымыз керек

• Қарыз суммасы 3.000.000 сумнан артық болса, әпиуайы жазба формада қарыз шәртнамасы дўзилиуи шәрт;

• Тәреплерден бири юридикалық шахс болғанында, шәртнама қарыз суммасына қарамастан, жазба формада дүзилиўи шәрт;

• Қарыз бойынша тилхат яки басқа ҳүжжет бар болғанда,  қарыз шәртнамасы жазба формада дүзилген есапланады.

П/С :  Қарыз берип атырған ҳәр бир уақытта, егер ол шахстың қарызды қайтарып бериўине гүмәныңыз болса, бир бетке тилхат жаздырып алсаңыз, бул сизге қарызды өндириўиңизде қол келеди.

Yurist_Auezbekov
228 viewsАбдибек Аўезбеков, edited  04:04
Ochish/sharhlash
2022-10-29 19:20:31 Спорттағы келисилген ойынларға қандай жаза бар?

"Sportradar Integrity Sevices" халықаралық шөлкеминиң анализлерине көре, 2021 жыл даўамында 76 мәмлекетте 10 спорт түри бойынша 903 гүмәнлы (келисилген) ойынлар өткизилген.

Усы спорт жарысларында тийкарында өткизилген тәўекелшиликке тийкарланған гиреў ойынларынан дерлик 174 млн. АҚШ доллары пайда алынған.

Дүнья көлеминде 45 мәмлекет, солар қатарынан Германия, Франция, Швецария, Бразилия, Польша, Латвия, Литва, Грузия, Украина, Россия ҳәм Қырғызстан нызамшылығында рәсмий спорт жарысларының нәтийжелерине қағыйдаларға қылап рәўиште тәсир өткизгенлик ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген.

Мәмлекетимизде де келисилген ойынларға қарсы гүрес илажлары көрилип атырғанлығына қарамастан, әмелиятта келисилген ойынлар бар екенлиги анықланбақта.

Нызамшылыққа төмендегилерди:

Рәсмий спорт жарысларының нәтийжелерине спорт кағыйдаларына қылап рәўиште тәсир өткизиўди қадағалаў ҳәмде усы қылиысты ислегерлик ушын жынайый жуўапкершилик белгилеў;

спорт тараўындағы коррупция жағдайлары жүзесинен аноним формада хабар бериў тәртибин енгизиў ҳәмде ғалаба хабар қуралларының бул тараўдағы искерлигин қоллап-куўатлаў усынысларын усынбақта.

Ҳуқықый сиясат излениў институты

П/с: Коррупцияға қопал тәризде уя қурған тараўлар ишине және биреўи қосылды - бул спорт тараўы.

Yurist_Auezbekov
112 viewsАбдибек Аўезбеков, edited  16:20
Ochish/sharhlash
2022-10-29 05:32:06
Және бир әҳимийетли мәселеге тоқталдық

Дәрихана хызметкериниң сатып алынған дәрини қайтарып алмаўы дурыспа ?

  ӨзР Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 6-апрелдеги 185-санлы қарары менен тастыйқланған (2-қосымша (илова)) - Дәри өнимлери ҳәм медицина буйымларын усақлап реализация қылыў қағыйдаларының 39 - бәнтине көре, дәриханалардан  реализация қылынған дәри өнимлери ҳәм медициналық буйымлар қайтарып алынбайды ҳәм соған уқсас дәри өнимлери ҳәм медициналық буйымларға
алмастырылмайды.

Yurist_Auezbekov
324 viewsАбдибек Аўезбеков, 02:32
Ochish/sharhlash
2022-10-28 08:47:29
Нызам афоризмлери

Пул қан ҳәм тер менен ислейди.
Душпанлардың қаны ҳәм қуллардың терлери менен..


Yurist_Auezbekov
139 viewsАбдибек Аўезбеков, 05:47
Ochish/sharhlash
2022-10-28 06:48:21 Муғаллимниң сабағына кесент бергенлик ушын жуўапкершилик барма?

Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 197 прим 5 статьясына тийкар билимлендириў мәкемеси педагог хызметшисиниң кәсиплик искерлигине билим алыўшылар билимин туўры ҳәм халыс баҳалаўға тәсир көрсетиў менен сәўлеленген тәризде нызамға қылап рәўиште араласыў яки билимлендириў мәкемеси педагог хызметшисиниң хызмет ўазыйпларын орынлаўға тосқынлық қылыў, -

пуқараларға базалық есаплаў муғдарының 5 есесинен 7 есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса - 7 есесинен 10 есесине шекем жәрийма салыўға себеп болады.

Yurist_Auezbekov
413 viewsАбдибек Аўезбеков, edited  03:48
Ochish/sharhlash
2022-10-27 15:59:05 Қурған жайымды нызамластырсам болама?

Егер сиз бул жерди ҳәким қарары яки аукцион арқалы алмаған болмасаңыз бул орынды өзиңизге рәсмийлестирип ала алмайсыз. Пуқаралық кодексиниң 212-статьясына тийкар Нызамшылықта белгиленген тәртипте қурылыс мақсетлери ушын ажыратылмаған жер участкаларында, сондай-ақ имарат қурыў ушын зәрүр рухсатнама алмастан яки архитектура ҳәм қурылыс нормалары ҳәмде қағыйдаларын бузған ҳалда қурылған үй-жай, басқа бина, имарат яки өзге көшпес мүлк өзбасымшалық пенен қурылған имарат есапланады.

Өзбасымшалық пенен имарат қурған шахс оған мүлк ҳуқықын алалмайды. Бул шахс қурған имаратын бийлик етиўге - сатыўға, саўға етиўге, ижараға бериўге, имаратқа қарата басқа питимлер дүзиўге ҳақылы емес.

Өзбасымшалық пенен имарат қурыў нәтийжесинде ҳуқықлары бузылған шахстың яки тийисли мәмлекет органының даўасы менен бундай имарат судының қарарына муўапық имаратты қурған шахс тәрепинен яки оның есабынан бузып тасланыўы лазым.

Бул жағдайда сиз бул жерди аукционға шығарыўды сорап аймақлық кадастр бөлимине арза менен мүрәжат қылыўыңыз лазым. Олар орынды үйренип аймақты аукционға шығарса сиз бул орынды аукцион арқалы сатып алыўыңыз мүмкин болады.

Yurist_Auezbekov
346 viewsАбдибек Аўезбеков, 12:59
Ochish/sharhlash
2022-10-27 09:56:45 Билип қойған жақсы

Он сегиз жасқа шекем болған Өзбекстан Республикасы пуқарасы он алты жасқа толыўы мүнәсибети менен идентификациялаўшы ID-картасын өз ўақтында алмағанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмайды.

Он сегиз жасқа шекем болған, Өзбекстан Республикасында турақлы жасап атырған шет ел пуқарасы ҳәм пуқаралығы болмаған шахс он алты жасқа толыўы мүнәсибети менен идентификациялаўшы ID-картасын өз ўақтында алмағанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмайды.

Тийкар: Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 223-статьясы.

Yurist_Auezbekov
336 viewsАбдибек Аўезбеков, 06:56
Ochish/sharhlash