Get Mystery Box with random crypto!

🌹🌹🌹ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ🌹🌹🌹

Telegram kanalining logotibi azatlikkanali — 🌹🌹🌹ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ🌹🌹🌹 Қ
Telegram kanalining logotibi azatlikkanali — 🌹🌹🌹ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ🌹🌹🌹
Kanal manzili: @azatlikkanali
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 198

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 8

2022-12-18 19:07:17
Қарақалпақстанлы Шахноза Абдирайм Қатарда футболда.
Бүгинги финал ойынды стадионда отырып көреди.
102 views16:07
Ochish/sharhlash
2022-12-16 07:27:10 АРМАНЛАУ МАКСЕТЛЕРДИ

МАКСЕТЛЕР ХАРЕКЕТТИ

ХАРЕКЕТ ОЗГЕРИСЛЕРДИ

ОЗГЕРИСЛЕР НАТИЙЖЕНИ пайда етеди !!!!

@AZATLIKKANALI
43 views04:27
Ochish/sharhlash
2022-12-16 07:25:51
43 views04:25
Ochish/sharhlash
2022-12-14 15:44:47
. 1989-жыл 1-Декабрь-Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн.
. 1990-жыл 14-Декабрь-Қарақалпақстан Республикасының Суверенитети қабыл етилген күн.
. 1992-жыл 14-Декабрь-Қарақалпақстан Республикасының Байрақ қабыл етилген күн.
. 1993-жыл 9-Апрель-Қарақалпақстан Республикасы Герби қабыл етилген күн.
. 1993-жыл 9-Апрель-Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилген күн.
. 1993-жыл 24-Декабрь-Қарақалпақстан Республикасы Гимни қабыл етилген күни.

@AZATLIKKANALI
561 views12:44
Ochish/sharhlash
2022-12-14 15:44:15 САМАЛ СЫЙЛАҒАН БАЙРАҚ

Бабам маңлайына, сүрталмай кеткен.
Туўысаң көксинде, желбиреп өткен.
Бүгин самалларға, жайып қушағын.
Желбирер байрағы халқым дөреткен.

Бес жулдызы, бес қаласы сыйлаған.
Сары қумы, белбеў етип байлаған.
Жасыл жайлаўы ол, қызыл қан тамыр.
Ашық аспаны бар, қудай сыйлаған.

Жорғаға усайды самал сыйпаған.
Жүзип баратқандай түйилди маған.
Көкке көтерилсең кеўлим бузылып.
Палуанға уқсайман жасын тыймаған.

Балалар көринер көтерип жүрген
Әне азаматлар ўатаным деген.
Сүйсинип қарайман ойға таламан.
Әрманлы кетти дә, бабам көрмеген.

Байрақты илиўге, қорқып турасаң.
Сорасам жуўап жоқ, гәпти бурасаң.
Қәериң кем сениң, муштай баладан.
Жулдыз он бес дейсең, ҳайран боласаң.

Ондайлар қайда жоқ ҳәмме жерде бар.
Туўымыз ол бизиң, болсын итибар.
Алдында желбиреп баратса байрақ.
Халқына руўх берер, туўдың күши бар.

Қарақалпақ халқы, байрағы менен.
Өзгеше салт дәстүр, байрамы менен.
Айрылып турады өзге еллерден.
Қырық қыз, Едиге дәстаны менен.

Туўы желбирген, мәрт бир халықсаң.
Қара қалпағындай аттан анықсаң.
Сада ақ көкирек десе басқалар.
Дастурхан жайыўға, яман алықсаң.

Мейли десе десин бизлер сондаймыз.
Досларға дуўайы сәлем жоллаймыз.
Қос қуўаныш бүгин, йошып турыппан.
Қара үй тигиўли, келиң тойлаймыз.

Парахат. Сулайманов.
14 - декабрь. Нөкис.2021


t.me/AZATLIKKANALI
80 viewsedited  12:44
Ochish/sharhlash
2022-12-14 15:43:29
Бес жулдыз байрағым.

Бар байлығым, мениң байрағым,
Бес жулдыз қуяшым ҳәм айым,
Көк аспанымда желбиреген,
Бес жулдызлы қарақалпағым.

Кең пейил халқымды белгилеп,
Журтым: "ессин самал" дер тилеп,
Бәрҳа ана ўатан көксинде,
Турсын бес жулдызым желбиреп.

Ана ўатан, анадур байрақ,
Басымыздағы қарақалпақ,
Космосыңнан жерге қарасаң,
Қарақалпақтың кеўли аппақ.

Туран, Түркистанның аймағы,
Бағы, шөлистанның бай бағы,
Қарақалпақ деген бул жерде,
Болсын бес жулдыздың байрағы.
Қарақалпақтың бир байрағы.

Автор: Кәмил Жәнибек
10-сентябрь

@AZATLIKKANALI
70 views12:43
Ochish/sharhlash
2022-12-14 15:26:11
83 views12:26
Ochish/sharhlash
2022-12-14 15:23:11
​​​​Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенине 30 жыл толды

1992-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XI сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенлигиниң нышаны есапланады.

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы аспан көк, тойғын сары ҳәм жасыл реңлерден ибарат болып, ортасындағы сары реңли бөлек ақ ҳәм қызыл сызықлар арқалы ажыралып турады.
@AZATLIKKANALI
89 viewsedited  12:23
Ochish/sharhlash
2022-12-13 20:28:25
@AZATLIKKANALI
87 views17:28
Ochish/sharhlash
2022-12-11 07:49:41
Арыслан қыссасы Дәўлетмурат.

t.me/AZATLIKKANALI
55 viewsedited  04:49
Ochish/sharhlash