Get Mystery Box with random crypto!

🌹🌹🌹ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ🌹🌹🌹

Telegram kanalining logotibi azatlikkanali — 🌹🌹🌹ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ🌹🌹🌹 Қ
Telegram kanalining logotibi azatlikkanali — 🌹🌹🌹ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ🌹🌹🌹
Kanal manzili: @azatlikkanali
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 198

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 5

2023-01-30 13:11:25 Тахтакөпир  районы атамасы болған “Тахтакөпир” атына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?

1904-жылы (1903-жыл деп те айтылады) жергиликли халық күши ҳәм Темирхан болыс, Қәлимбет бай ҳәм т.б. өз дәўириниң белсенди, халық жанашырларының материаллық жәрдеми және шөлкемлестириўи менен Босай арнасына тахтайдан көпир салынып, бул жер соннан баслап «Тахтакөпир» аталған. Көпир ҳәзирги ўақытта 117 жыллық тарийхқа ийе естеликке айналған.

Бердишүкир аға Шонғараевтың еске түсириўине қарағанда, Босай арнасында бурын көпир болмаған. Арнаның еки тәрепи қалың, отырықшы ел болып, адамлар үлкен қараталдан кемеге усатып наўа соғып, суўға ығызып, арқанлар менен арман-берман өтип, қатнас жасаған.

Тахтакөпир орайындағы үлкен базарға Хийўа, Үргениш, Гөне Үргениш, Қоңырат, Хожели, Шымбай ҳәм Төрткүл қалаларынан саўдагерлер кәрўаны келип турған. Олар усы жерде Қазақстан ҳәм Россия саўдагерлери менен затларын айырбаслап, мәдений байланыс жасаған. Базар узақ базар, қысқа базар болып бөлинген. Соған байланыслы Босай арнасының әтирапына көшип келиўшилер саны жыл сайын көбейген.

Сол жыллары Тахтакөпирди Темирхан деген болыс басқарған. 1903-жылы дәрьяның батыс ҳәм шығыс тәрепиндеги халық өз ара кеңесип, Босай арнасына көпир салыўды жобаластырады. Қәлимбет бай ҳәм Шылымбет бай көпир ушын зәрүр тахтай, шеге ҳәм т.б. затларды жеткерип бериўди мойнына алған. Сондай-ақ, сол заманның қолы гүл усталары Әйтимбет нәўше, Жәримбет қуйын, Медет хожа киби усталар шеберлик пенен көпирди курған. Тахтай көпир жүдә беккем, атлы ҳәм жаяўлар өтетуғын, ҳәттеки, үстинде аўыр жүги бар ат ҳәм ешек арбалар да өте беретуғын, көтеретуғын етип сапалы питкерилген.

Ал, тахтай көпир қурылысына басшылық еткен Темирхан болыс өз заманының исбилермени, ел басшысы ҳәм әскербасы болған. Бердишүкир аға усы Темирхан болыс урпағынан. Бердишүкир ағаның айтыўына қарағанда Темирхан болыс 1916-жылы елге шапқан түркмен яўмытлары менен алысып, Айдос қала әтирапында басқыншыларды жер менен жексен еткен. Соннан бери ол жер Түркменқырылған деп аталады. Темирхан болыстың ата-теги бессары урыўынан шыққан. Бердишүкир аға Шонғараев Темирхан болыстың инисиниң ақлығы. Буннан басқа Темирхан болыстың бес қызы болған. Қызлар бес жаққа турмысқа шығып кеткен. Изинен ул урпағы қалмағанлықтан, болыстың қашан туўылып, қашан қайтыс болғанлығы ҳаққында анық мағлыўмат жоқ.

Жергиликли халықтың айтыўы бойынша, Темирхан болыс 1929-жылы Тахтакөпир көтерилисин бастырған.
148 views10:11
Ochish/sharhlash
2023-01-29 16:50:40 ЖАНОБ РАСУЛ."ҚАРАҚАЛПАҒЫМ".


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
158 viewsedited  13:50
Ochish/sharhlash
2023-01-29 16:50:40
ЖАНОБ РАСУЛ. "ҚАРАҚАЛПАҒЫМ".


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
288 viewsedited  13:50
Ochish/sharhlash
2023-01-28 22:06:56
#Мағлыумат

       МАМАН БИЙ

Ақманғыт Едиге батыр, бийдиң әўлады Маман бий ибн Ораз Мухаммед батыр, Ақсақал 1722-1826 жылларда  Жаңадәрья, Қууўандәрья ҳәм Әмиуўдәрьяның тармағы Кегейли, Жилўан жап бойларында жасаған. Маман бийдиң қәбири "Әзизлер атада". Маман бийдиң Досмухаммед бий, болыс атлы улынан Сапамурат бий, Әбдимурат бий деген ақлықлары болды. Сапармураттан Қурбаназар туўылды. Ол Шымбай қаласында жасаған. Маман бийдиң қызы Досымбет қатағанға турмысқа шыққан.  Досымбеттен Юсуп туўылған, Юсуптен еки ул, төрт қыз туўылады. ( Турсынбай, Жумабай, Жипек, Қаллиқораз, Мийирхан), Турсынбайдан төрт ул, үш қыз, Жумабайдан да төрт ул, үш қыз бар. Қаллықораздан еки ул, бир қыз, ақлық-шаўлық бар. Маман бийдиң ең киши қызын көрген Қаллықораз ана 104-жасында 1993-жылы 6-августта қайтыс болды ҳәм "Әзизлер атаға" жерленген.


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
158 viewsedited  19:06
Ochish/sharhlash
2023-01-28 14:43:11
Қарақалпақ жигити.Сен сондай гөззалсан хей ана ЎАТАН.28.01.2023 жыл.


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
256 viewsedited  11:43
Ochish/sharhlash
2023-01-27 10:15:01
Кеўил билдириў

Усы жылдыӊ 25-январь күни Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген қурылысшы, жәмийетлик ҳәм сиясий ғайраткер Султамурат Қутлумуратов 77 жасында қайтыс болды.

Султамурат Қутлумуратов 1946-жылы Кегейли районында туўылды. Мийнет жолы даўамында халық хожалығының түрли тараўларында жемисли мийнет етти. 

Ол қайсы лаўазымда ислесе де, өзин мийнетсүйгиш, терең билимли, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши сыпатында таныта билди ҳәм халқымыз арасында үлкен ҳүрмет-иззетке ийе болды.

Султамурат Қутлымуратовтыӊ көп жыллық хызметлери жоқары баҳаланып, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген қурылысшы» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

Халқымыз ийгилиги ушын аянбай мийнет еткен қәдирли инсан, белгили қурылысшы, жәмийетлик ҳәм сиясий ғайраткердиң жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси.


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
176 viewsedited  07:15
Ochish/sharhlash
2023-01-26 16:56:24
АЙЛАРДЫҢ ҚАРАҚАЛПАҚША АТЛАРЫ

• Дәлиў Январь
• Ҳүт Февраль
• Ҳамал Март
• Сәўир Апрель
• Жаўза Май
• Саратан Июнь
• Ҳәсет Июль
• Сүмбиле Август
• Мийзан Сентябрь
• Ақырап Октябрь
• Қаўыс Ноябрь
• Жедди Декабрь


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
198 viewsedited  13:56
Ochish/sharhlash
2023-01-23 23:14:17
Арқадағ Гурбангули Бердимуҳаммедов Туркменистан Халық мәслаҳәти баслығы етип сайланды ҳәм де Туркмен халқының миллий лидери деп дағаза етилди.


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
291 viewsedited  20:14
Ochish/sharhlash
2023-01-21 18:11:32 "Кел мийманым Қарақалпақ елиме".Туяна Ережепов.


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
265 viewsedited  15:11
Ochish/sharhlash
2023-01-21 18:11:32
"Кел мийманым Қарақалпақ елиме".Туяна Ережепов.


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
266 viewsedited  15:11
Ochish/sharhlash