Get Mystery Box with random crypto!

ДҮНЬЯНЫҢ ОРАЙЫ Шексиз мийрим-мәргиясы тартады, Күннен-күнге қ | 🌳Қарақалпақ Байтереклери🌳

ДҮНЬЯНЫҢ ОРАЙЫ

Шексиз мийрим-мәргиясы тартады,
Күннен-күнге қыймас сезим артады.
Қарақалпақстан, жаным-жәҳәним,
Дегеннен-ақ, кеўил шалқып атады.

Мениң ушын усы дүнья орайы,
Өзиме ағладан ағла шырайы.
Жайсаң еллер де көп, көрмеге жақсы,
Ал, бул жүрек «дүк-дүк» урған удайы.

Балалығымда cәл алыслап жырақ,
Кеўил күйим болған сарғыш жапырақ.
Сонда сезгеним бар, ҳаўамыз өзге,
Қуяшымыздағы бираз жақтырақ!

Егеде тартып та, сапарлар шексем,
Көзиме жас келген меҳирин еслесем.
Тилегенмен, жасап әйне мәканда,
Топырағы буйырғай, әлемнен өтсем
!

Малика Жумамуратова шайыр, журналист

канал: @qaraqalpaq_bayterekleri