Get Mystery Box with random crypto!

НЕ ЖАНАЛЫК | JANALIQLAR? | ЖАНАЛЫКЛАР?

Telegram kanalining logotibi ne_janaliq — НЕ ЖАНАЛЫК | JANALIQLAR? | ЖАНАЛЫКЛАР? Н
Telegram kanalining logotibi ne_janaliq — НЕ ЖАНАЛЫК | JANALIQLAR? | ЖАНАЛЫКЛАР?
Kanal manzili: @ne_janaliq
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 11.45K
Kanalning ta’rifi

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!
👉 Байланыс: @baylanis24_bot

Ratings & Reviews

4.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 4

2022-11-12 09:57:01
"Жаңа базар"да жаңа бақша ашылды

Пайтахтымыздағы "Жаңа базар" МПЖ турғынлары ушын жаңадан 60-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Шөлкемниң ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң биринши орынбасары Т.Байжанов ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Шөлкем 120 орынға мөлшерленген болып, барлық заманагөй буйымлар менен тәмийинленген. Сондай-ақ, аймақтағы 28 пуқара жумыс пенен тәмийинленди.

ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
17.2K views06:57
Ochish/sharhlash
2022-11-12 09:47:01
Егер тутыныў кредитине “МЕБЕЛЬ” ямаса “БЫТОВАЯ ТЕХНИКА” сатып алмақшы болсаңыз “MEBEL SARBON SARAYI” дүкәнина келиң!

Биз сизге кредитти:
- 24 айға шекемги мүддетке;
- жыллық пайызы 20% тен;
- КЕПИЛСИЗ!!!!!!! (Енди кепил излеп жүриўиңиз шәрт емес)
банк арқалы таярлап беремиз.

Керекли ҳүжжетлер:
ЕНДИ, ДӘРАМАТЫҢЫЗ ҲАҚҚЫНДА МАҒЛЫЎМАТНАМАНЫ АЛЫП КЕЛИЎИҢИЗ ШӘРТ ЕМЕС.
ПАСПОРТЫҢЫЗДЫҢ ТҮП НУСҚАСЫН АЛЫП КЕЛСЕҢИЗ ЖЕТЕРЛИ.

ЖАНАЛЫҚ!!!!
ЕНДИ 70 ЖАСТАН АСПАҒАН ПЕНСИОНЕРЛЕРГЕ ДЕ КРЕДИТ БЕРИЛЕДИ.

Қосымша мағлыўмат алыў ушын:
612234686, 973550069, 904221474.

Телеграммдағы мәнзилимиз: https://t.me/Sarbon_Nukus

Мәнзил: Нөкис қаласы, А. Досназаров көшеси, 17-жай.
Бағдар: “Гүлистан апа” кафениң қатарында.
17.0K views06:47
Ochish/sharhlash
2022-11-12 08:42:26
Қытайда граната ҳәм пулёмот орнатылған ҳүжимши робот ийт ислеп шығылды

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
18.3K views05:42
Ochish/sharhlash
2022-11-12 06:53:44
Рус әскерлериниң басымы менен өткен референдумда Россия қурамына қосылыўға даўыс берген Херсон қаласының халқы украин әскерлерин күтип алмақта

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
20.1K views03:53
Ochish/sharhlash
2022-11-11 22:56:36
Усы жылдың 11-ноябр күни саат 15:39 да Төрткүл районы "Ақбаслы" АПЖ аймағынан өткен А-380 автомагистраль жолының 584-585 км аралығында ҳәрекетленип киятырған, 2001-жыл туўылған пуқара С.К. басқарыўындағы "Cobalt" маркалы автомобилде өрт келип шыққан ҳәм метан баллоны жарылған. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким дене жарақатын алмаған ҳәм набыт болмаған. Өрттиң келип шығыўына электр сымларының қысқа тутасыўы себеп болғанлығы болжанбақта. Материаллық зыян сорастырыўлар даўамында анықланады.

Қарақалпақстан Респўбликасы Айрықша жағдайлар басқармасы

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
4.1K views19:56
Ochish/sharhlash
2022-11-11 21:51:30
Бүгин Төрткүл районында «Cobalt» автомобили жанып кеткени айтылмақта

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
7.0K views18:51
Ochish/sharhlash
2022-11-11 20:00:20
Сиз қайсы районда турасыз?
13.7K views17:00
Ochish/sharhlash
2022-11-11 16:46:50
Украина армиясы Херсон орайына кирип барды

Адамлар оларды қуўанып күтип алды

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
19.9K views13:46
Ochish/sharhlash
2022-11-11 15:38:27
«Өзгидромет» күшли самал болыўы ҳаққында ескертти

«Өзгидромет» усы жылдың 13-15-ноябрь күнлери Өзбекстан бойлап самалдың тезлиги әдеттегиден күшли болып, айырым жерлерде 17-22 м/с қа шекем жетиўи күтилетуғынлығы ҳаққында хабарландырыў жәриялады.

Хабарда жазылыўында атап өтилген күнлери Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы ҳәм Жиззақ ўәлаятларының базы жерлеринде 25-28 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте.

14-16-ноябрь күнлери Ташкент, Қашқадәрья, Наманган ўәлаятларының таў алды ҳәм таўлы аймақларында жаўын жаўып, қарға айланыўы, айырым жерлерде күшли жаўын-шашын бақланады. Соның менен бирге, таў алды ҳәм таўлы аймақларда сел-суў тасқыны ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
23.6K viewsedited  12:38
Ochish/sharhlash
2022-11-11 13:43:25
Тайынлаў

Каипназаров Хожамурат Моятдинович

Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы лаўазымына тайынланды.

Ол усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы Халықаралық Инновация орайының Халықаралық ҳәм корпоратив байланыслар бөлими баслығы лаўазымында жумыс ислеп келген.

ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети

@NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!
21.5K views10:43
Ochish/sharhlash