Get Mystery Box with random crypto!

НЕ ЖАНАЛЫК | JANALIQLAR? | ЖАНАЛЫКЛАР?

Telegram kanalining logotibi ne_janaliq — НЕ ЖАНАЛЫК | JANALIQLAR? | ЖАНАЛЫКЛАР? Н
Telegram kanalining logotibi ne_janaliq — НЕ ЖАНАЛЫК | JANALIQLAR? | ЖАНАЛЫКЛАР?
Kanal manzili: @ne_janaliq
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 11.45K
Kanalning ta’rifi

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!
👉 Байланыс: @baylanis24_bot

Ratings & Reviews

4.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 10

2022-11-05 17:57:21
Тақыятас районы ҳәкими қамаққа алынды

Усы жылдың 1-ноябрь күни Тақыятас районы ҳәкими И.Маткаримов фермер хожалығы баслығынан алдаўшылық жолы менен 100 млн сум пул алғаны жағдайы бойынша ЖКниң 168-статьясы 3-бөлими ҳәм 25, 211-статьясы 2-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, қамаққа алынған.

Жынаят иси бойынша тергеў ҳәрекетлери Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
19.4K viewsedited  14:57
Ochish/sharhlash
2022-11-05 15:04:23
Қараөзек районында “Жаслар дәптериˮне киргизилген 260 жасқа өзиниң бәнтлигин тәмийинлеў, сандай-ақ исбилерменлигин баслаўлары ушын субсидия тийкарында әсбап-үскенелер тапсырылды.

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
20.5K views12:04
Ochish/sharhlash
2022-11-05 12:13:07
Қарақалпақстан сегменти ушын «Орфо қарекең» бағдарламасы жаратылмақта

«Өзбек тилинде жазатуғынлар қарақалпақ тилиндеги айырым сөзлерде алжасыўы мүмкин. Ямаса керисинше айырымлар өзбек тилинде қәте жазыўы мүмкин. «Орфо қәрекең» бағдарламасы компьютерге орнатылғаннан соң бағдарлама қәте жазылған сөзлердиң астын сызып, көрсетип турады.

Буны ҳәзирше тек компьютерге жайластырыў мүмкин. Тез арада Microsoft бағдарламалары ишине қосылып, Word, Excel ҳәм тағы басқа бағдарламалар арқалы текст жазылғанда да қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде қәте жазылған сөзлерди көрсетип турады. Ҳәзир бул бойынша шәртнама дүзип атырмыз», — дейди Асадбек Қоғамбаев.

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
4.0K views09:13
Ochish/sharhlash
2022-11-05 10:55:45
Өзбекстанда енди жумыс ҳақы кешиктирилген ҳәр бир күн ушын компенсация төленеди

Жумыс бериўши айлық кешиктирилиўинде жумыс ислеўши шахстың айыбы бар-жоқлығына қарамастан оны төлеўи шәрт.

Өзбекстанның жаңа Мийнет кодексинде жумыс ҳақын кешиктирген жумыс бериўши жуўапкершиликке тартылыўы белгиленди.

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
10.2K views07:55
Ochish/sharhlash
2022-11-05 09:56:52
Беруний районында қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестирген ҳәм оған қатнасқан шахслар анықланды.

@NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!
11.4K views06:56
Ochish/sharhlash
2022-11-05 09:32:02
Элон Маск «Twitter» Ҳиндстандағы 85 процент ҳәм Азиядағы 90 процент хызметкерлерин жумыстан босатты

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
12.1K views06:32
Ochish/sharhlash
2022-11-05 08:53:42
5-ноябрь – Қарақалпақстанда ең биринши телевизиялық көрсетиў басланған күн.

1964-жылдың 5-ноябрь күни жергиликли ўақыт пенен саат 19.00 де Нөкис, Тақыятас, Хожели қалаларындағы айырым үйлердиң телевизорларында «Нөкис көрсетеди» деген титр пайда болған. Усы күни қарақалпақ ҳәм орыс тиллеринде «Жаңалықлар» көрсетилген.
Биринши дикторлар – Оразгүл Өтениязова менен Светлана Шапочниковалар фотосюжетлер фонында мийнет жәмәәтлериниң рапортлары туўралы айтқан.
Биринши тележаңалықларды қарақалпақ тилинде Ғалым Сейтназаров ҳәм Қармыс Досанов, ал орыс тилинде Виктор Копаловлар таярлаған.
Биринши мәртебе басқарыў пультинде отырып, қарақалпақша биринши көрсетиўди Қуўат Әбдиреймов пенен Кийик Әбдиреймовалар эфирге шығарған. Ал, биринши телеоператорлар П.А.Бегимов ҳәм Қ.Ерназаровлар еди.

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архив фондынан

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
13.5K views05:53
Ochish/sharhlash
2022-11-05 08:45:52
Россияда еркин журналистика өлтирилди — Дмитрий Муратов

«Новая газета»ның бас редакторы, Тынышлық бойынша Нобел сыйлығы лауреаты Дмитрий Муратов Венада өткен қәўипсизлик бойынша конференцияда сөзге шықты.

«Мәмлекет пропагандасы ҳәм цензура Россияның мәмлекеттен еркин болған журналистикасын өлтирди. Медиа геноциди жуўмағына жеткерилди. 269 дан аслам ғалаба хабар қураллары блокланды, 140 тан аслам журналистлер шет ел агенти, яғный халық душпаны деп жәрияланды.

Бул — еркин медианы геноцид қылыў. Бул — халық ҳәм оның мийи ушын пропаганда монополиясы. Пропаганда — бул кеселлик, бул вирус, бул зәҳәр. Бул мийлерди зәҳәрлеў», — деди Муратов.

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!
12.5K views05:45
Ochish/sharhlash
2022-11-05 08:04:11
Сенаттың сайтын бузып кирген балалар 14 жаслы балалар екени мәлим болды

Усы жылдың 2-ноябрь күни Олий Мажлис Сенаты сайтына киберҳүжим уйымластырылған еди. Мәлим болыўыша, буны шөлкемлестиргенлер 6 адам болып, олардың барлығы 14 жастағы өспиримлер есапланады.

Өспирим ҳакерлер “Марказий студия” көрсетиўине берген интервьюинде буған дейин де бир неше рет мәмлекет сайтларына, атап айтқанда, “Kundalik.com” сайтын бузып киргенин айтып өткен.

“Сайтларды бузыўды 2019-жылда “Kundalik.com” сайтынан баслағанман. Ол ўақытлар сайт ҳәлсиз еди. Оған бузып кирип, баҳаларымызды туўырлаған едик. Содан кейин топар жыйнап жумыс басладық”,- дейди “MarshGolden” деп аталған топар жетекшиси.

“Senat.uz” рәсмий сайтына ҳүжимди де өзлери шөлкемлестиргенин тән алған. Бул арқалы олар сайттың қәўипсизлик талапларына жуўап бермеслигин көрсетип бермекши болған.

@NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!
14.1K viewsedited  05:04
Ochish/sharhlash
2022-11-05 07:39:34
Өзбекстанда көшеде мәс ҳалда болғанларға медициналық жәрдем көрсетиў пунктлери шөлкемлестириледи

Мәслик жағдайындағы шахслар ишки ислер органлари хызметкерлери тәрепинен анықланады ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў пунктлерине алып барылады. Мәслик жағдайындағы шахс медициналық жәрдем көрсетиў пунктинде 12 саатға шекем болғанда АКТ, 12 саатдан көп ўақыт болғанда ҳәм медициналық көрсетпелер болған жағдайларда кеселлик тарийхы рәсмийлестириледи.

Медициналық жәрдем көрсетиў пунктине алып келинген мәслик жағдайындағы шахсларды сутканың түнги ўақтында (саат 23:00 ден 06:00 ге шекем) ямаса жылдың суўық дәўиринде шығарып жибериў олардың ағайинлери гүзетиўинде әмелге асырылады.

@NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!
14.7K views04:39
Ochish/sharhlash