Get Mystery Box with random crypto!

Uzbekistans Club 'Мен Өзбекстанлыман - Қанымда жеңис' жойбарын | KRuz.uz |Рәсмий канал

Uzbekistans Club "Мен Өзбекстанлыман - Қанымда жеңис" жойбарындағы шериклерине миннетдаршылық билдиреди!

Жойбар шеңберинде арнаўлы видеоролик сүўретке алынды. Uzbekistans Club командасы бул басламаны қоллап -қуўатлаған шериклеримиз, атап айтқанда, Өзбекстан футбол ассоциациясы, Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Жаслар ислери агентлиги, Сыртқы ислер министрлиги, «Ватандошлар» жәмийетлик фонды, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, «Uzbekistan Airways» ҳәм Ucell компанияларына өз миннетдаршылығын билдиреди!

Сондай-ақ, видеороликти сүўретке алыў жумысларына көмек берген «Venkon PR», «United Soft», «Аhad Mix Group», «Dilshoh Media» ҳәм «Аrt Craft» компанияларынан ибарат арнаўлы креатив дөретиўшилик топарға, өз жумысының ҳақыйқый устасы болған кинооператор Макс Суиға да бөлек миннетдаршылық билдиреди!

Буннан кейин де бирге және де ири ҳәм кең масштабтағы жойбарларды әмелге асырыўымызға исенемиз!

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар