Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстанда ЖПХ хызметкерине қол көтерген шахс қамаққа ал | KRuz.uz |Рәсмий канал

Қарақалпақстанда ЖПХ хызметкерине қол көтерген шахс қамаққа алынды

Қарақалпақстанда ЖПХ хызметкерине қол көтерген шахсқа жынаят иси ашылып, қамаққа алыў шарасы қолланылды.

Мәлим етилиўинше, усы жылдың 21-май күни Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ЖҲҚБ 2-регион жол-патруль хызмети инспекторы Төрткүл районы, «Ғәрезсизлик» көшеси бойында хызмет алып барып атырған болған. Усы жолда ҳәрекетленип киятырған «MATIZ» гүманлы болғанығы себепли тоқтатып, транспорт басқарыўшысынан ҳүжжетлерин сораған.

Транспорт басқарыўшысы «Сен неге мениң алдыма шығасаң» деп, оны қолы менен урып, жәмийетте жүрис-турыс қағыйдаларын қастан менсинбестен, өз хызмет ўазыйпасын атқарып атырған ишки ислер хызметкерине белсенди қарсылық көрсеткен ҳәм оған дене жарақатын жеткерген.

Ҳәзирги ўақытта жағдай бойынша транспорт басқарыўшысына Жынаят кодексиниң 219-статьясы, 2-бөлими ҳәм 277-статьясының 3-бөлими, «г» бәнти менен жынаят иси ашылып, процессуал тәртипте усланған.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар