Get Mystery Box with random crypto!

ДАҒАЗА! Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў минист | KRuz.uz |Рәсмий канал

ДАҒАЗА!

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер қәнигелери қала ҳәм районларда тараўда исленип атырған жумыслар ҳәм машқалалар бойынша пуқаралар менен ашық сәўбет шөлкемлестирмекте.

21.12.2021-жыл саат: 11:00 де – Мойнақ районында (район мәденият сарайы);

21.12.2021-жыл саат: 15:00 де – Қоңырат районында (районлық медицина коллежи);

22.12.2021-жыл саат: 10:00 де – Тақыятас районында (районлық музыка мектеби);

22.12.2021-жыл саат: 15:00 де – Хожели районында (районның 5-санлы музыка мектеби);

Ашық сәўбетке барлық ҒХҚ ўәкиллерин (телевидение, радио, газета-журнал, интернет журналистлери ҳәм блогерлер) ҳәм пуқараларды мирәт етемиз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @KRuzuz