Get Mystery Box with random crypto!

#Онлайн_Тақыятас Тақыятастағы 150 шаңараққа газ жеткерилмекте | KRuz.uz |Рәсмий канал

#Онлайн_Тақыятас

Тақыятастағы 150 шаңараққа газ жеткерилмекте

Бүгин Тақыятас районы "Найман" АПЖ аймағындағы 150 шаңарақ газ бенен тәмийинленетуғын болды. Бул ҳаққында Ел хызметинде хабар бермекте.

Газета редакциясы өз каналында солай жазады: "газ жағыў машақаты, асқар таўды басқа жерге көшириўдей машақатлы екен. Бирақ халық қуўанышы бизлердиң сонша қыйналған күнлеримизди, шаршаған ўақытларымызды умыттырып жиберди."

Үйлеринде газ жанған адамлар, қуўаныштан қой-қошқарларын сойып, садақа қылып баслаған.

Редакция жуўмақ орнында:
Ендиги нәўбет Шымбай районына!
Биз Шымбай районында ҳәким жәрдеми менен емес, суд қарары менен газ жағамыз
, деп жазады.

Каналға ағза болыў: @KRuzuz