Get Mystery Box with random crypto!

Боран ҳаққында ескертиўлер дерлик пүткил Қазақстан аймағы бойл | KRuz.uz |Рәсмий канал

Боран ҳаққында ескертиўлер дерлик пүткил Қазақстан аймағы бойлап дағаза етилди

Қазақстанның 15 аймағында боран бақланбақта: Нур-Султан, Шымкент, Акмола, Атыраў, Алматы, Шығыс Қазақстан, Жамбыл, Батыс Қазақстан, Қарағанда, Қостанай, Павлодар, Қызылорда, Мангистау, Арқа Қазақстан ҳәм Түркистан ўәлаятларында.

Ҳәзирде қар бораны, қар жаўыўы, жақсы көринбейтуғын жоллар ҳәм муз себепли республика жолларының 8 бөлеги ҳәм 40 регион толық жабылды.

Қутқарыўшылар орынлардан 300ге жақын адамды, сондай-ақ, 20 баланы эвакуация етти. Адамлар ҳаўа райы шараяты жақсыланбағанға шекем жыллы пунктлерге жайластырылды.

Видео: Айрықша жағдайлар министрлиги

Каналға ағза болыў: @KRuzuz