Get Mystery Box with random crypto!

#канал_ағзасынан_хабар Нөкисте жаңадан қурылып атырған имарат | KRuz.uz |Рәсмий канал

#канал_ағзасынан_хабар

Нөкисте жаңадан қурылып атырған имараттың бир бөлими қулады ма?


KRuz.uz'ға мүрәжат

"Нөкис қаласы "Халқ банк"тың қасындағы тазадан қурылып атырған көп қабатлы имараттың 3-4-этажларының бир бөлеги қулап түскенге уқсайды, буған себеп сол домның алды бетин үлкен материал менен жаўып қойғаны, кран машина сынған бетон пооиталарды камаз машынасына тийеп атырғаны ҳәм питкен дийўалларда тырналған излер барлығы.

Егер мениң жазғаным дурыс болса, бул жерде өзимизге уқсаған адамлар жасайды, буның баска жерлери қуламайтуғынына ким кепиллик бере алады?"

Басқа ўәлаятларда сапасыз, нызамсыз қурылған көп қабатлы үйлердиң өз-өзинен қулап атырғаны, газ жарылғанын алдын видеоларда көрген едик. Демек бул сыяқлы жағдай биз де ушырасып атыр екен-дә?!

Жуўапкерлерден жоқарыдағы жағдай бойынша рәсмий жуўап күтип қаламыз. Өйткени ендиликте бул жайларды алып, ол жерде жасаўшы пуқаралардың өмирине, жайлардың қулап кетпеўине ҳешким кепиллик бермейди.

Каналға ағза болыў: @KRuzuz