Get Mystery Box with random crypto!

Kewil aynasi (Qalb ko'zgusi)

Telegram kanalining logotibi kewilaynasi — Kewil aynasi (Qalb ko'zgusi) K
Telegram kanalining logotibi kewilaynasi — Kewil aynasi (Qalb ko'zgusi)
Kanal manzili: @kewilaynasi
Toifalar: Iltimoslar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 278
Kanalning ta’rifi

Бесиктен қәбирге шекем илим изле!

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar 2

2022-09-22 16:11:50 ӘКЕҢЕ УҚСАМА, БАЛАМ!

Енди ғана 6 жасқа толған баламның берилип сүўрет соғып отырғанын көрип қызығып қасына бардым:
– Балам, нениң сүўретин салып отырсаң?
– Сизди, анамды ҳəм өзимди, деп маған қарады ол.
Сүўретке жақсылап қарасам, өзиниң ҳəм мениң көксиме жүрек сызған ҳəм оларды қара реңге бояған еди.
– Балам, жүрек қызыл реңде болады-ғой. Мине, бул қəлем менен бояў керек еди.
– Буны билемен.
– Онда неге қара реңге боядың?
Ол маған айыпкердей қарап, сөйлеўде даўам етти:
– Кемпир апамның айтыўынша, басқаларды жылатқан адамның жүреги қара болар екен. Сиз кеше анамды жылаттыңыз-ғо?
Генжетай улымның сөзлеринен кешеги кеўил қалыспа ядыма түсип кетти. Ғəзебиме ерк берип, қылған исимнен өз улымның алдында уялып қалдым.
Сондай болса да гəпти ҳəзилге бурдым:
– Онда сеники неге қара? Яки сен де қоңсы қызды жылаттың ба?
– Яқ, мен ҳеш кимди жылатпадым. Тек! Өзиңиз бəрқулла айтасыз-ғо, «Сен тап мендей болыўың керек», – деб. Соған…

Өзи билип-билмей əкесине сабақ берип қойған перзентимди баўырыма басар екенмен, етим жыбырлап кетти. Ишимнен бир даўыс атылып шықты:
– Әкеңе уқсама, балам!


https://t.me/kewilaynasi
678 viewsБатыр Бердимуратов, 13:11
Ochish/sharhlash
2022-09-22 16:00:21
АЎЫРМАҒАН БАСТЫ ...

Ҳикая қылыныўынша, патшалардан бирине ферузадан болған, гəўҳарлар қадап нағыс салынған кемнен-кем ушырасатуғын, шырайлы бир гүзе алып келинди. Патша оғада қуўанышлы болды ҳəм алдындағы данышпанлардан бирине: «Бул ҳаққында қандай пикирдесиз», – деди.
Данышпан: «Буны жетип келген мүтəжлик ҳəм тез де келиўши мүсийбет деп ойлайман», – деп жуўап берди.
Патша: «Қалайынша?», – деди.
Данышпан: «Егер гүзе сынып қалса, мүсийбет болады. Егер урланып кетилсе, оған ықтыяж сезесиз. Гүзе алынып келинемен дегенше, сиз бундай мүсийбет ҳəм мүтəжликтен аманда едиңиз», – деп жуўап берди. Тосаттан сол күни гүзе сынып қалды ҳəм булл нəрсе патша ушын үлкен мүсийбет болды.
Сонда патша: “Данышпан дурыс айтқан екен, гүзе алып келмегенинде еди!» – деп əттең айтты.

"Ески дүнья рəўиятлары"

https://t.me/kewilaynasi
476 viewsБатыр Бердимуратов, 13:00
Ochish/sharhlash
2022-09-22 09:53:56
#мағлыўмат

КИТАП ҚОРЫҚШЫСЫ

Сүўреттеги жәнлик сизди қорқытпасын. Оның аты: Китаплар шаяны. Бул жәнлик көп аяқлылар топарына киреди.

Оның ўазыйпасы ески китаплардың желими (клей) менен азықланатуғын бүргелерди жоқ етиў. Оның инсанға да, китапларға да ҳеш қандай зыяны жоқ. Керисинше оларды қорғайды. Сонлықтан да, ески китаплар сақланатуғын сандықларда оны көрип қалсаңыз оны өлтирмегениңиз макул.

Тәбияттың бул әжайып жаратылысы, бизге китап сүйерлерге, китапларды асыраў ушын берилген саўға сыяқлы…

https://t.me/kewilaynasi
411 viewsБатыр Бердимуратов, 06:53
Ochish/sharhlash
2022-09-21 16:08:59 #дәптер_шетиндеги_жазыўлар

ҚУЎЫРШАҚ
Адам ылайдан исленген қуўыршаққа уқсайды. Заман сәл өзгерсе, өзиниң басына сәл суў қуяды да, ылайын ийлеп-ийлеп, өзин қайттан ислеп, басқа түрге кирип алады...
Қаттырақ жаўын жаўса, батпаққа айланып кетеди-аў!

АҚЫЛ ҲӘМ МӘНСАП
__Ақыл менен мәнсапқа ерисиў мүмкин. Мәнсап пенен ақылға ерисип болмайды.


ЖЕП ТОЙМАҒАН - ЖАЛАП ТОЙМАЙДЫ
Әййемги заманда соқыр адам болған екен. Әлбетте, соқыр болыў айып емес... Қулласы сол адамның тиришилиги қыйынласып қалғанда өзине уқсаған соқыр тиленшиге шәкирт болыпты. Гедейлик өнериниң сырларын үйретипти.
Бул өнердиң үш қағыйдасы бар, - депти устазы.
1. Қай жерде болса да;
2. Қанша болса да;
3. Кимнен болса да.
Арадан көп жыллар өтипти. Устаз тиленши моншаның ыссы ханасында мүлгип отырса, қапталынан даўыс келипти:
- Садақа қылың!
- Есиң орнында ма? - депти устаз тиленши. - Моншада да садақа сорайсаң ба?
- Қай жерде болса да! - деген даўыс келипти.
Устаз тиленшиниң ашыўы келипти.
- Қандай ахмақсаң, жалаңаш адамда пул не қылсын?
- Қанша болса да!
Устаз тиленши шәкиртин даўысынан танып қалыпты.
- Ҳәй, ахмақ! Келип-келип өз устазыңнан сорайсаң ба?
- Кимнен болса да! - депти шәкирт тиленши...
Әлбетте, парахор тиленши емес. Парахор алдын өзин тыйып жүреди. "Инсап" пенен алады. Бирақ, бара-бара қай жерде болса да, қанша болса да, кимнен болса да алыўға урынады. Ақырында моншаға жалаңаш киреди...
Тағы ким билсин... Қартайып ширигенше өмир гүзаранлық ететуғынлары аз емеске де уқсайды.

ШЫРА КӨТЕРГЕН АДАМ
Ҳақыйқатшыл адам - қараңғыда шыра көтерип баратырған адамға уқсайды. Оның шырасы әлемниң ҳәммесин нурландырып жибере алмаўы мүмкин. Бирақ кеўиллерге дәлде береди, үмит оятады... Ҳақыйқатшыл адам алыстан да, жақыннан да көринип турыўы - соннан.
Өкинишлиси, шыра көтерген адам көп сүрнигеди...

Өткир Ҳашимов
Өзбекстан халық жазыўшысы

https://t.me/kewilaynasi
710 viewsБатыр Бердимуратов, 13:08
Ochish/sharhlash
2022-09-21 16:06:10
#ҳикмет

"Инсан турмыста қәлемге уқсайды. Шырайлы жазсын деп қәтелер қылғанда оның ушын шығарады. Қәлем таўсылғанша усылайынша даўам етеди.
Ең соңында қәлемнен тек шырайлы жазғанлары ғана қалады..."


https://t.me/kewilaynasi
713 viewsБатыр Бердимуратов, 13:06
Ochish/sharhlash
2022-09-20 14:43:58
• Қанша досларды көрдим, бирақ тилди тийиў дей абзал дос көрмедим....
• Не-не мал-дүнья көрдим, бирақ қанаатдан абзалын таппадым…
• Қанша жақсылықларды көрдим, бирақ нәсияттан жақсырағын ушыратпадым…
• Қанша тағамларды көрдим, бирақ сабырдан ләззетлиси ушырамады….

Сондай екен, сизди ким деп есаплаўлары шәрт емес, сиз өзиңиздиң ким екенлигиңизди билсениз болды…

Шамс Табризий


https://t.me/kewilaynasi
893 viewsБатыр Бердимуратов, 11:43
Ochish/sharhlash
2022-09-16 08:16:14 ЖАҚСЫЛЫҚ ҚЫЛЫЎ МЕНЕН ҚӘЛБИҢИЗГЕ ҚУЎАНЫШ БАҒЫШЛАҢ!

Инсанларды бахытлы қылыў ушын ҳәрекет қылғанлардың өзлери, мине усы бахытқа бириншилерден болып ериседи. Олар буның нәтийжесин өзлеринде, әдеп-икрамлығында, ҳүжданында биринши болып табады, ақыбетинде шадлық, тынышлық ҳәм исенимлиликти сезинеди.
Егер сиз түскинликке түсип қалсаңыз, ғам ҳәм қайғыға батсаңыз, өзиңизден басқаларға жақсылық қылың, гөззалықты саўға қылың, сонда қыйыншылықтан шығасыз ҳәм рәҳәтленесиз. Демек, сиз жоқ адамларға нәрсе бериң, жәбиркешке көмеклесиң, қыйыншылыққа түсип қалғанларды қутқарың, аш адамды тойдырың, кесел адамды барып көриң, жәбирленгенлерге жәрдем қолыңызды созың, сонда алдыңыздан ҳәм артыңыздан бахыт-саадат, қуўаныш орап алады.
Жақсылық қылыў бул хош ийисли жағымлы нәрсеге усайды. Оны көтерип жүрген де, сатып алған да, сатқан да, әтирапындағы ҳәммеси пайда көреди. Әдеп-икрамлы адамларға берилген ашық жүзлилик-садақаий жәрия (ағып турыўшы садақа) болады.
Ҳәй бахытсызлық, қорқыныш ҳәм қәўиптиң ишинде жүрген адамлар, жақсылық бостанына келип, басқаларға қосылың, оларға саўға, зыяпат, тәселли берип, ел хызметинде болың. Сонда, дәми, реңи ҳәм заўқы бир қыйлы болған бахыт-саадатты таўасыз.

«Оның (сарплаўшының) алдында (мойныңда) ҳеш кимге қайтарылатуғын неъмат жоқ. Ол тек жоқары Рәббисиниң «жүз»ин қәлеп (иҳсан қылады). Әлбетте,(ол) жақында (қыяметте берилетуғын сыйлықтан) разы болады». (Лайл сүреси,19-21-аятлар).

Доктор Аиз Қарнийдиң «Өкинбе!» китабынан.


https://t.me/kewilaynasi
1.4K viewsБатыр Бердимуратов, 05:16
Ochish/sharhlash
2022-09-16 08:10:00
Балалар бизге үш нәрсени үйретиўи мүмкин: себебсиз бахытлы болыўды, турақлы бәнт болыўды ҳәм өзине керекли нәрсеге қалай ерисиўди.

Павло Коело.

https://t.me/kewilaynasi
505 viewsБатыр Бердимуратов, 05:10
Ochish/sharhlash
2022-09-14 14:56:26
Шүкир қылайық….


https://t.me/kewilaynasi
938 viewsБатыр Бердимуратов, 11:56
Ochish/sharhlash
2022-09-13 08:23:53    ӨТИРИК СӨЙЛЕЎ

   Өтирик сөйлеўшилер көбирек наўқасланады.
Алымлар еки кеўилли топар арасында тәжирийбе өткерди. Биринши топар қандай аўҳалға түскенде де рас сөйлеўи керек еди. Екинши топарға ҳеш қандай шәрт қойылмады, яғный әдеттегидей жүриўи керек еди. Арадан 10 ҳәпте өтип, алымлар еки топар менен қайта ушырасып, сораў-жуўаплар ҳәм үйрениўлерден кейин нәтийжени жәриялады. Анықланыўынша, рас сөйлеўшилер өзлерин жақсы сезген. Олардан бас, тамақ аўырыўы, стресс ҳәм қәўетерлениўден шикәят түспеген. Қатнасыўшылар өтирик сөзди анықлаўшы детектор арқалы тексерилген. Сондай-ақ, биринши топардың айтыўынша, әтираптағы инсанлар менен қарым-қатнасы да жақсыланған.
   Буннан алдын өткерилген тәжирийбе жуўмағына көре, ҳәр бир адам бир ҳәптеде орташа 11 мәрте өтирик сөз ислетиўи анықланған еди.
   Алымлар тек әтираптағылар менен қарым-қатнасты жақсылаў мақсетинде ғана емес, ал ден-саўлықты сақлаў ушын да өтириктен шетте болыўды мәсләҳәт берип атыр.
   Алымлардың айтыўынша өтирик сөйлеў ден-саўлықтың жаманласыўына ҳәм өзин жаман сезиўге алып келеди екен.


https://t.me/kewilaynasi
726 viewsБатыр Бердимуратов, 05:23
Ochish/sharhlash