Get Mystery Box with random crypto!

   ӨТИРИК СӨЙЛЕЎ    Өтирик сөйлеўшилер көбирек наўқасланады. | Kewil aynasi (Qalb ko'zgusi)

   ӨТИРИК СӨЙЛЕЎ

   Өтирик сөйлеўшилер көбирек наўқасланады.
Алымлар еки кеўилли топар арасында тәжирийбе өткерди. Биринши топар қандай аўҳалға түскенде де рас сөйлеўи керек еди. Екинши топарға ҳеш қандай шәрт қойылмады, яғный әдеттегидей жүриўи керек еди. Арадан 10 ҳәпте өтип, алымлар еки топар менен қайта ушырасып, сораў-жуўаплар ҳәм үйрениўлерден кейин нәтийжени жәриялады. Анықланыўынша, рас сөйлеўшилер өзлерин жақсы сезген. Олардан бас, тамақ аўырыўы, стресс ҳәм қәўетерлениўден шикәят түспеген. Қатнасыўшылар өтирик сөзди анықлаўшы детектор арқалы тексерилген. Сондай-ақ, биринши топардың айтыўынша, әтираптағы инсанлар менен қарым-қатнасы да жақсыланған.
   Буннан алдын өткерилген тәжирийбе жуўмағына көре, ҳәр бир адам бир ҳәптеде орташа 11 мәрте өтирик сөз ислетиўи анықланған еди.
   Алымлар тек әтираптағылар менен қарым-қатнасты жақсылаў мақсетинде ғана емес, ал ден-саўлықты сақлаў ушын да өтириктен шетте болыўды мәсләҳәт берип атыр.
   Алымлардың айтыўынша өтирик сөйлеў ден-саўлықтың жаманласыўына ҳәм өзин жаман сезиўге алып келеди екен.


https://t.me/kewilaynasi