Get Mystery Box with random crypto!

АНАҢЫЗ БУЛ ГӘПЛЕРДИ СИЗГЕ ҲАСЛА АЙТПАЙДЫ! Алдыма қолларыңыз | Kewil aynasi (Qalb ko'zgusi)

АНАҢЫЗ БУЛ ГӘПЛЕРДИ СИЗГЕ ҲАСЛА АЙТПАЙДЫ!

Алдыма қолларыңызда мен ушын арзымаған болса да, бир нәрсе көтерип келиўиңиз, маған болған итибарыңызды билдиреди.

Мен менен исиңиз болмай, телефоныңыз бенен бәнт болыўыңыз, мени жас баладай түсинбейди, деп есаплаўыңыз, бир сөз айтсам, шалғытты, деп ашыўыңыз келиўинен қапа боламан.

Асханада белим аўырып, аяқларымда қуўат қалмай, сизге аўқат таярласам, жегениңизде сизге жақпай қалса, қапа боламан.

Сизди күтпегенимде, жалғыз қалғанымда, тосаттан келсеңиз, маған бир әлем қуўаныш бағышлайды.

Жаслығыңызда хызметиңизди қылар едим, мениң де енди сизге айта алмаған итияжларым бар. Ҳәр ай айлығыңыздан маған да азғана ажыратсаңыз, мени бахтияр қылған болар едиңиз.

Күн келип, мениң ханама киресиз. Лекин, онда мени таўа алмайсыз. Ҳәр қанша үлкейсеңиз де мен ушын жас бала болып қаласыз.

Нәсиятымды қабыл қылың балам. Сизлерге қаттықоллық қылған пайытымда да сизлерди жақсы көргенмен.

Дүньяның гөззалығын сизлердиң бахытыңызда көретуғын анаңызды қәдирлей билиң!

https://t.me/kewilaynasi