Get Mystery Box with random crypto!

ЖАЛҒАНЫНА АЛДАНАМЫЗ Бир улама отырған жеринен айнаға қарап, қ | Kewil aynasi (Qalb ko'zgusi)

ЖАЛҒАНЫНА АЛДАНАМЫЗ

Бир улама отырған жеринен айнаға қарап, қасында отырғанларға депти:
— Сизлерге бир жалған айтаман Пәленше өтип баратыр.
Ҳәмме орнынан турып, айнадан сыртқа қарапты.
Улама күлимсиреп:
— Мен сизлерге жалған айтаман десем де, орныңыздан турып қарадыңыз.
Дүнья да тап сондай жалғаншы, көре-биле турып жалғанына алданамыз!

Ассалаўма алейкум.

https://t.me/kewilaynasi